Өзбекстан – Пакистан парламентлик байланыслары және де раўажландырылады

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар өз-ара исенимли, тең ҳәм дослық тийкарында алып барылмақта. Экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда өз-ара бирге ислесиў байланыслары избе-из раўажланып бармақта.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов басшылығындағы парламент делегациясы Пакистан Ислам Республикасының пайтахты Исламабад қаласына барды. Сапар етиў даўамында Пакистан Ислам Республикасы Парламенти Миллий Ассамблеясының Спикери Сардор Аёз Содиқ пенен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда Өзбекстан – Пакистан қатнасықларын раўажландырыў перспективалары, атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы өз-ара исенимли бирге ислесиў раўажланып атырғаны атап өтилип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жылы Пакистанға, усы жылы февраль айында болса Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шарифтиң мәмлекетимизге сапары Өзбекстан – Пакистан стратегиялық шериклигинде жаңа бет ашқаны атап өтилди.
Нызамшылық палатасының Спикери Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында экономикалық, жәмийетлик-сиясий тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери, Нызамшылық палатасының жумысы, нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў, парламентлераралық бирге ислесиў тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Өз гезегинде, Сардор Аёз Содиқ Өзбекстан Пакистан ушын исенимли стратегиялық шерик екенин атап өтип, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.
Өзбекстан – Пакистан байланысларының жеделлесип баратырғанында Президент Шавкат Мирзиёевтиң сиясий ерк-ықрары ҳәм басламалары әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан – Пакистан парламентлик байланысларын буннан былай да раўажландырыў, жаңа мазмун менен байытыў, нызам дөретиўшилиги тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў, дослық топарларының жумысын буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзАныӊ хабаршысы