Корея Республикасының Сежонг тил үйрениў орайы ўәкиллери институтқа келди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Корея Республикасының Сежонг тил үйрениў орайы ўәкиллери Хур Сеон Хаёнг ҳәм Ли Санг Шик пенен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Корея Республикасы менен саўда-сатық, инвестиция ҳәм экономикалық байланыслар бойынша мәсләҳәтшиси Гөззал Шамуратова, институт ректоры Алишер Уббиев, оқыў ислери бойынша проректоры Мухтар Ибрагимов ҳәм халықаралық бирге ислесиў бөлиминиң жуўапкерлери қатнасты.
Илажда ректор ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы илим, билимлендириў, мәдений-гуманитар тараўлар бойынша бирге ислесиўдиң нәтийжели даўам етип атырғанын атап өтип, мийманларды елимизге сапары менен қутлықлады. Сондай-ақ, институтта илимий-педагогикалық бағдарда халықаралық бирге ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.
Ушырасыў даўамында Корея Республикасының алдынғы жоқары оқыў орынлары менен еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў, институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң академиялық мобильлик, стажировкалар ҳәм оқыў бағдарламалары шеңберинде грант жойбарларында қатнасыўына көмеклесиў, институтта корейс тилин оқытыў имканиятлары, корейс тили бойынша жетик қәнигелерди таярлаў мәселелери додаланып, алдағы ўақытларда биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар көрип шығылды.

Илаж жуўмағында мийманлар институтта шөлкемлестирилген Корейс тили ханасы менен танысып, бул жердеги оқыў әдебиятлары менен тәмийинлеў жумысларына айрықша баҳа берди.
Бул ушырасыў институтта Корея Республикасының билимлендириў шөлкемлери менен халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўде айрықша әҳмийетке ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги