Тамшыдан өним, қуяштан қуўат алынбақта

91

Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалы тәрепинен аўыл хожалығы тараўында жаӊа инновациялық жойбар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жойбар тийкарында, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң раўажландырыў бағдарламасы (БМШРБ) менен шерикликте 70 мың АҚШ долларлық грант қаржылары есабынан Кегейли районында «Бөрили ой» фермер ҳожалығының коллектор суўларын қайта тазалаў ҳәм алътернатив энергиядан пайдаланған ҳалда суўды душшыландырыў арқалы суў менен тәмийинлеў, 5 гектар майданда палыз ҳәм мийўе жетистириў жолға қойылады.

– Өткен гүзде фермер хожалығыныӊ  1 гектар жерине  800 түп интенсив алма нәллери егилип, заманагөй бағ жаратылды, – дейди “Бөрили ой” фермер хожалығы баслығы Аймурза Қутлымуратов. – Жаӊа бағда жергиликли ықлымға сай мийўели тереклер егилип, олардыӊ нәтийжелилигин арттырыў ушын барлық агротехникалық илажлар әмелге асырылды.

Әдетте, суў жетиспеўшилиги себепли жердиӊ өнимдарлығы төменлейди. Қуяш панеллери қуўаты менен ислейтуғын тамшылатып суўғарыў технологиясы суўды үнемлейди ҳәм турақлы түрде жеткерип, өнимдарлықтыӊ жақсыланыўына жәрдем береди.

Ҳәзирги күнге келип жойбар шеӊберинде, фермер хожалығына  15 квт қуяш панеллери арқалы ислейтуғын тамшылатып суўғарыў технологиясы орнатылды.

Сондай-ақ, усы жойбар шеӊберинде интенсив усылда артемия ҳәм балықшылық ҳәўизи қурып питкерилди.  Бул ҳәўизде заманагөй технологиялар жәрдеминде балық жетистириў жолға қойылып, артемия личинкалары балықлар ушын азықлық болады.

Суў жетиспеўшилиги дәўиринде бундай ири жойбардыӊ еӊ шетки аўыллық аймақларда әмелге асырылыўы жердиӊ өнимдарлығын арттырыў менен бирге, жаӊа жумыс орынларыныӊ ашылыўына имканият жаратты.

Бүгинги күнде жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалар тәрепинен дренаж суўларын душшыландырыў үскенесин қурыў жумыслары алып барылмақта.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы, Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалы жәрдеминде әмелге асырылған бул баслама экологиялық жақтан таза өним жетистириўде оғада әҳмийетли болып есапланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы