Көп миллетли Өзбекстанның кеңпейиллик символы

Пайтахтымызда қурылған миллий мәдений орайлардың павильонында Өзбекстанда Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Халық дипломатиясы орайы ҳәм Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети басламасы менен жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының 40 тан аслам ўәкилиниң қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди.
Дәслеп комитет баслығының орынбасары Бекзод Шукуров журналистлерге комплекс ҳаққында толық мағлыўмат берди. Соң түрли миллетлердиң үрп-әдетинен сөз ететуғын сүўретлер, үй-руўзыгершилик буйымлары, көркем өнер шығармалары, саз әсбаплары ҳәм басқа да үскенелерден қуралған 22 миллеттиң өзине тән архитектурасы сәўлеленген қазақ, қырғыз, түркмен ҳәм башқурт отаўлары, корейс, беларус, украин, грек, немис, дунган, поляк, еврей, грузин, армян, татар ҳәм қырым-татар, уйғыр, түрк, тәжик, қытай, рус ҳәм әзербайжан халықларының еки қабаттан ибарат дослық үйлери көрсетилди. Ҳәр бир үй менен жақыннан танысыў ўақтында белгили бир миллеттиң өзине тән көркем шығыўлары усынылды.
Елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлар өз мәденияты ҳәм үрп-әдетин, дәстүрлерин сақлап қалыўы, раўажландырыўы ушын және бир имканиятқа айланған бул әйўан мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған болып, усы жылы “30-июль – Халықлар дослығы күни” алдынан пайдаланыўға тапсырылды.
Ҳәр қыйлы мәденият ҳәм дәстүрлерди сәўлелендиретуғын еки қабатлы имаратлар тәризинде қурылған бул комплекс енди миллетлераралық татыўлық ҳәм улыўма миллий аўызбиршилик бағдарында әмелге асырылып атырған үлкен реформаларымызды сәўлелендирип, өз-ара мәдений алмасыў майданы ўазыйпасын атқармақта.
Миллий мәдений орайлар павильоны қысқа ўақыт ишинде миллетлераралық татыўлықты үгит-нәсиятлаўшы әҳмийетли илажларға басшылық етти. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы шеңберинде “Улыўма миллий татыўлық” фестивалы, қаўын сейили, миллий мәдений орайлардың ўәкиллери қатнасыўында “Заковат” беллесиўи, Өзбекстан ҳәм Түркменстан ғәрезсизлигиниң 34 жыллығына бағышланған “Өзбек-түркмен қатнасығы жаңа тарийхый басқышта” атамасындағы мәдений-ағартыўшылық илаж солардың қатарына киреди.









Илаж соңында пресс-тур қатнасыўшылары ҳәм мийманлар миллий мәдений орайлардың жумысы, структуралардың мәдений байланысты беккемлеўдеги орны ҳәм әҳмийетине байланыслы толық мағлыўматқа ийе болды.
Жуўмақлап айтқанда, миллий мәдений орайлардың павильоны түрли миллет ўәкиллери арасында дослық, аўызбиршилик ҳәм өз-ара исенимди беккемлеў, сондай-ақ, халықаралық дослық байланысларын раўажландырыў ушын кең имканият жаратады.
Ғолиб ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы