Халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў журналистлер нәзеринде

«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалында кәрхана тәрепинен 2025 – жылдың өткен дǝўиринде орынланған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
Онда шығып сөйлегенлер филиал тǝрепинен 2025-жылға белгиленген жумыслардың орынланыў барысы ҳаққында мағлыўматлар берди. Атап өтилгениндей, аймақлық филиал тǝрепинен Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў ҳаққында»ғы 330-санлы қарары тийкарында, 590.7 км электр узатыў тармақлары ҳәм 88 дана трансформатор пунктлери қурылып, 12 829 дана темир-бетон бағаналары орнатылған.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги “2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳəм өндирис инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-454-санлы қарары тийкарында 24,9 км 0,4-6/10кВ электр узатыў тармақлары ҳәм 1 дана подстанция жаңадан қурылып, бул жумыслар даўам етпекте.
Усылар менен бир қатарда, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Әмиўдәрья, Қанлыкөл ҳәм Елликқала районларында 3 мәҳәлледе 103 темир-бетон бағаналары, 5,1 км аралықтағы электр узатыў тармақлары ҳәм 3 трансформатор пунктлери қурылып, бул бағдардағы ислер қызғын даўам етип атыр.
Илажда журналистлер тәрепинен бүгинги күни жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги