Исмоил Ҳакимович Жўрабеков

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министриниң кеңесгөйи Исмоил Ҳакимович Жўрабеков быйыл 28-сентябрь күни 94 жасында қайтыс болды.
И.Жўрабеков 1931-жылы 12-сентябрьде Самарқанд қаласында жумысшы шаңарағында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында инженер-гидротехник қәнигелиги бойынша билим алды. Мийнет жолын 1955-жылы Самарқанд ўәлаятының Пастдарғом районындағы 8-колхозда инженер-гидротехник сыпатында баслады. Кейин ала усы районда Суўғарыў орайының баслығы, Өзбекстан суў хожалығы министрлиги жанындағы Самарқанд ўәлаяты қурылыс-монтажлаў басқармасының баслығы, “Суўқурылыс” трестиниң басқарыўшысы, суў хожалығы министриниң биринши орынбасары, мелиорация ҳәм суў хожалығы министри сыяқлы жуўапкер лаўазымларда нәтийжели мийнет етип, республикамызда ирригация ҳәм мелиорация тараўын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосты.
Шөлкемлестириў-хожалық жумысларына басшылық етиў бағдарында үлкен билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған И.Жўрабеков 1985-жылы және де жуўапкершиликли ўазыйпа – Өзбекстан Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары етип тайынланды.
Ўатанымыз ғәрезсизликке ерискеннен кейин Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары сыпатында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң социаллық-экономикалық тийкарларын беккемлеў, елимиз алдында турған оғада көп қырлы ҳәм кең көлемли ўазыйпаларды орынлаў жолында жанкүйерлик көрсетти. Атап айтқанда, атқарыў ҳәкимияты институтларының жумысын нәтийжели жолға қойыў, жергиликли ҳәкимликлердиң жумысын муўапықластырыў, аўыл хожалығында реформаларды әмелге асырыў, фермерлик ҳәрекетин раўажландырыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў бағдарында шөлкемлестириўшилик ҳәм интакерлик пазыйлетлерин көрсетти.
И.Жўрабеков Мәмлекетлик суў қадағалаўының баслығы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи лаўазымларында да нәтийжели жумыс алып барды.
Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған кең көлемли реформаларымызды әмелге асырыўда И.Жўрабеков, үлкен жаста болыўына қарамастан, суў хожалығы министриниң кеңесгөйи сыпатында хызмет етип, өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси, баҳалы мәсләҳәтлери менен тараўды раўажландырыў, жас кадрларды тәрбиялаў жумысларында белсене қатнасты.
И.Жўрабековтың халқымыз ҳәм Ўатанымыз алдындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор” ҳүрметли атағы, “Меҳнат шуҳрати,” “Дўстлик,” “Фидокорона хизматлари учун,” “Ел-юрт ҳурмати,” “Буюк хизматлари учун” орденлери менен сыйлықланды.
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан, жаслардың меҳрийбан устазы Исмоил Жўрабековтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева,
Н.Исмоилов, А.Арипов