Катинка Вальстром: Енди Өзбекстанның капитал базарын раўажландырыўға және де көбирек үлес қосамыз

106

Силтеме

Күни кеше BNY компаниясының бас коммерциялық директоры Катинка Вальстром социаллық тармақтағы бетинде Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясы шеңберинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен болып өткен ушырасыў өз жәмәәтиниң кейинги жумысына сезилерли унамлы тәсир көрсететуғынлығын атап өтти.

Катинка Вальстром, BNY компаниясының бас коммерциялық директоры:

– Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясында қатнасқан Президент Шавкат Мирзиёев пенен жүзбе-жүз ушырасыў мен ушын шексиз мақтаныш болды. Мәмлекет капитал базарының раўажланыўын избе-из қоллап-қуўатлап атырғаны, компаниямыз бенен шерикликти тереңлестириў тәрепдары екени бизди қуўандырады. Дерлик 30 жылдан берли Өзбекстанда жумыс алып барып атырған BNY мәмлекеттиң бүгинги күндеги жедел раўажланыўын тән алады. Биз енди миллий капитал базарын раўажландырыўға және де көбирек үлес қосамыз.

Мағлыўмат орнында

BNY АҚШтың жетекши банк-инвестиция топарларынан бири есапланады. Активлерди басқарыў, кастод, баҳалы қағазлар менен ислесиў және ғалаба ҳәм жеке меншик қаржыландырыў бағдарларында хызмет көрсетеди.

 

Абдуазиз ХИДИРОВ, ӨзАның хабаршысы