Көркем өнердеги таңлаў: Эстетиканы белгилеўши нормалар кимниң қолында?!

Соңғы жыллары музыка көркем өнериниң ең көп пикир-таласларға себеп болып атырған жанрларынан бири бул – рэп. Көпшилик классика ықласбентлери оны “мәденияттан узақ”, “турпайы”, “инсан руўхыйлығын төменлетиўши” жанр сыпатында баҳалайды. Бундай көзқараслар, әдетте, рэптиң жүзеки, яғный тек ғана айырым үлгилерин көрип, улыўма жуўмақ шығарыў ақыбети. Негизинде болса, рэп жәмийеттеги машқалалар, социаллық әдалатсызлықлар ҳәм инсанның ишки кеширмелерин сәўлелендире алатуғын, күшли мазмунлы музыкалық бағдар.
Рэп – бул биринши гезекте сөз өнери. Ол арқалы дөретиўши өз пикирин, наразылығын, үмитин, гүресин ямаса тек ғана жеке кеширмелерин билдиреди. Тап уси тәрепи менен рэп басқа музыка жанрларынан ажыралып туради. Себеби ол көбинесе турмыстың ашшы ҳақыйқатлықларын, жәмийеттеги теңсизлик, кәмбағаллық, коррупция, жаслардың жойтылған арзыўлары сыяқлы машқалаларды исенимли сәўлелендире алады. Мәселен, белгили рэпперлердиң қосықлары арасында тек ғана жеке турмысы емес, ал пүткил бир әўладтың социаллық машқалалары, түскин кейпияты, травмалық балалық, жумыссызлық, миграция сыяқлы темалар да өз сәўлелениўин тапқан. Бул рэпти тек ғана “музыка” емес, ал социаллық қубылыс, наразылық даўысы, гейде психологиялық терапияға айландырады.
Әлбетте, ҳәр қандай көркем өнерде болғаны сыяқлы рэпте де ҳәр қыйлы бағдарлар бар. Айырым рэпперлер ҳақыйқатында да әдепсиз сөзлер, жаргон, зорлық ямаса нәшебентлик темаларын үгит-нәсиятлайтуғын текстлер менен шығады. Бул болса пүткил жанрға қарата унамсыз мүнәсибет қәлиплесиўине себеп болады. Бирақ бул жағдайды улыўмаластырып, пүткил реп жанрын бийкарлаў әдилликтен емес. Өйткени, басқа да бир қатар рэпперлер бар, олардың қосықлары жасларға турмыста дурыс жол тутыў, өз үстинде ислеў, қыйыншылықларға берилмеў, ата-ана қәдири сыяқлы социаллық-әдеп-икрамлылық идеяларын сиңдиреди. Бундай рэп қосықлар инсанды ойландырады, руўхландырады, өмирине мәни бағышлайды. Демек, ҳәр қандай жанрда болғаны сыяқлы, рэпте де “қара” ҳәм “ақ” тәреплери бар ҳәм биз ҳәр екеўин ажырата алатуғын дәрежеге ийе болыўымыз зәрүр.
Көпшилик жағдайларда рэп жанрын төмен баҳалайтуғынлардың тийкарғы пикири – бул рэпте эстетикалық гөззаллық жоқ, деген пикир. Бирақ бул жерде сораў туўылады: эстетиканы белгилеў өлшеми кимниң қолында?
Поэзияда Әлишер Наўайы, музыкада Бетховен ямаса мақамда “Шашмақом” биз ушын эстетикалық үлги. Бирақ, бул, заманагөй инсан руўхыйлығына тәсир етиўши басқа жанрларды бийкарлаўға тийкар бола алмайды.
Рэп те өзиниң формасы, стили, ритми ҳәм тексти арқалы заман руўхы менен үнлескен, айырым жағдайларда болса классикалық әдебият пенен де байланысатуғын жанр. Көплеген рэп текстлеринде қосық формасы, ырғақлылық, ритмикалық дүзилис классикалық поэзиядан қалыспайды. Ҳәтте айырым рэпперлер өз қосықларын Наўайы, Бедил яки Бабур ғәззеллеринен илҳамланып дөреткен жағдайлар да ушырасады.
Рэпке қарсылар көбинесе оны “мәдениятсызлық” пенен байланыстырады. Бирақ, бул пикирди терең талқылағанымызда, мәдениятсызлық рэпте емес, ал оны контексттен үзип, жүзеки баҳалаўшылардың санасында екенин көремиз. Ҳәр қандай көркем өнерди баҳалаўда бәринен бурын мазмун, нийет ҳәм социаллық контекстке қараў керек. Кимдур тек ғана еситиўде “турпайы” болып көринген текст, тийкарында жәмийеттеги аўыр ҳақыйқатлықларға қаратылған шақырық болыўы мүмкин.
Заман өзгерер екен, көркем өнер де өзгереди. Рэп – бул заманагөй жаслардың өз даўысын табыў, жәмийеттеги өз орнын аңлаў, турмысқа болған көзқарасын билдириў қуралы болып есапланады. Оны бир тәреплеме баҳалаў, жүзеки ҳүким шығарыў, жаслардың талғамын дурыс түсинбеў бизди олардан және де узақластырады. Сол себепли, ҳәр қандай музыка жанрын, атап айтқанда, рэпти баҳалаўда тек ғана оның формасы емес, ал мазмуны, социаллық тийкары ҳәм инсанға ететуғын тәсирине қараў керек. Сонда биз тек ғана рэпти емес, ал пүткил көркем өнер әлемин және де тереңирек түсиниўге ерисемиз.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА