Көркем өнер ҳәм мәденият ўәкиллериниң жәмийеттеги жуўапкершилиги қандай?

95

Заманагөй жәмийетте шахс еркинлиги, ашық-айдынлық ҳәм дөретиўшилик жақтан өзин көрсетиў қәдирленип атырған болса да, бундай еркинликтиң шексизлиги айырым жағдайларда надурыс үгит-нәсиятларға себеп болмақта. Әсиресе, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында бундай надурыс көзқараслар барған сайын көбейип бармақта. Бул болса тек ғана социаллық турмысқа унамсыз тәсир көрсетип қоймастан, ал жас әўладтың санасына да зыян жеткериўи тәбийғый.

Көркем өнер бәрқулла инсан қәлбиниң ең нәзик сезимлери топланатуғын мәкан болып келген. Бул тараў арқалы адамлар өз сезимлерин, турмысқа болған көзқарасларын билдиреди. Солай екен, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери – актёрлар, қосықшылар, художниклер, жазыўшылар жәмийетте өзине тән үлги ҳәм қәдирли образ болыўы керек. Олардың ҳәрекетлери, сөзлери, сахнадағы образлары көплеген инсанларға тәсир етиўши күшке ийе.

Бирақ бүгинги күнде көплеген көркем өнер шеберлериниң дөретиўшилик өнимлери өзиниң мәнисинен алыс, тек ғана тамашагөйлерди тартыў, сатыў ямаса итибар қаратыў ушын жаратылмақта. Қосықлардағы әпиўайы ҳәм мазмуннан жырақ болған тәкирарлаўшы сөзлер, актёрлардың ерси қылықлары, жеке турмыстың ең сырлы тәреплерин де көрсетиў сыяқлы жағдайлар мәденият ўәкиллерине болған ҳүрметти төменлетиўи мүмкин.

Ҳәзирги күнде социаллық тармақлар кеңнен ғалаба ен жайып, ҳәр бир инсан өз пикирин, турмысынан үзиндилерди еркин билдириўи мүмкин болған платформаға айланды. Бирақ әйне усы майданда мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллериниң ис-ҳәрекетлери де көзге тасланбақта. Гейде олардың социаллық тармақлардағы орынсыз, логикаға туўра келмейтуғын, ҳәттеки әдепсиз ямаса кемситиўши пикирлери жаслар арасында надурыс минез-қулықты үгит-нәсиятламақта. Соның ушын да бул тараў ўәкиллериниң тек ғана сахнадағы емес, ал социаллық тармақлардағы ҳәрекетлери де жуўапкершиликли ҳәм ойланған болыўы зәрүр. Әйне көркем өнер ҳәм мәденият ўәкиллеринен бундай жуўапкершиликли қатнасты талап етиўимиздиң себеби, жәмийетлик турмысымызға бул тараў ўәкиллериниң тәсири оғада үлкен ҳәм бул тәсир унамлы бағдарда болыўы бизди тәрбиялық ҳәм мәдений жақтан жоқарылатыўға хызмет етеди.

Бүгин социаллық тармақларда тәрбиясыз ҳәрекетлери менен жүрген инсанды ертең мүтәж ана тымсалында көре алмаймыз ямаса әжайып ҳәрекетлери менен “like” топлап атырған қосықшы ертең инсанның ең нәзик ҳәм терең сезимлерин жырлаўы, тыңлаўшыда анық емес сезимлерди пайда етиўи тәбийғый. Шахс еркинлиги ҳәр бир инсанның тийкарғы ҳуқықларынан бири болса да, ол шексиз емес. Ҳәр қандай еркинлик басқалардың еркинлигин шеклемеўи, жәмийеттиң улыўма әдеп-икрамлылық пазыйлетлерине қарсы келмеўи керек. Әсиресе, көркем өнер ҳәм мәденият тараўында дөретиўшилердиң өзин тутыўы жәмийеттеги тәрбия ҳәм мәденият дәрежесин белгилейди. Сол себепли, жеке турмыс ҳәм жәмийетлик турмыс арасындағы шегараны анық белгилеў, адамгершилик принциплерин умытпаў зәрүр.

Көркем өнер ҳәм мәденият жәмийеттиң ең нәзик, ең әҳмийетли тараўларынан бири болып, ондағы ҳәр қандай өзгерис ямаса бузылыў пүткил жәмийетке тәсир етеди. Бул тараў ўәкиллери өзлериниң жеке өмирлеринде ҳәм жәмийетлик майдандағы ҳәрекетлеринде жуўапкершиликти сезиўи зәрүр. Усы тәризде, олар тек ғана өзлерин емес, ал жәмийетти, бәринен бурын, жас әўладты саламат тәрбиялаўға хызмет етиўи мүмкин. Шахс еркинлиги адамгершилик шегараларынан шықпаўы, мәдениятымыз, тәрбиямыз беккем хызмет етиўи болса келешек ушын әҳмийетли тийкар болады.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА