Жас велоспортшылардың табысы
99

Ташкент ўәлаятында спорттың Велоспорт- mtb түринен ер балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубоги болып өтти.
Онда Қарақалпақстан сайланды командасы қатнасып, жарыста жақсы нәтийжелерге еристи.
Атап айтқанда, Cross country Short trek жөнелиси бойынша қатнасқан Г.Хожаназарова биринши, С.Абдикаримов екинши ҳәм А.Каримбаева үшинши орынларды жеңип алыўға миясар болды.

Cross country Olympic жөнелиси бойынша Г.Хожаназарова алтын ҳәм А.Каримбаева қола медалын қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги