Депутат Кегейли, Бозатаў ҳәм Қараөзектеги сайлаўшылар менен ушырасты

129

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасындағы «Адолат» социал-демократиялық фракциясының ағзасы Нодира Рашидова Қарақалпақстан Республикасы Кегейли, Бозатаў ҳәм Қараөзек районларында болып, аймақ халқы менен жақыннан пикирлести.

Ол өзиниң үйрениўлерин Бозатаў районынан баслады ҳәм халық пенен сөйлесиўлер үйме-үй жүрип шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, ол Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйынында жетилик ағзалары менен сәўбетлесип, көп жыллардан берли жер менен тиллесип келген атайы дийқан Жугинис Жуманазаровтың қыйтақ жерин көзден өткерди ҳәм оның ис-тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, Бозатаў районында жаңадан бой тиклеп атырған «Бозатаў санаториясы» қурылысында болып, объектте жүргизилип атырған қурылыс процеси менен танысты. 200 орынға ийе санатория емлеў ушын барлық үскенелер менен тәмийинленген болып, объект қурылысы реже бойынша октябрь айында жуўмақланыўы мөлшерленген.

Кегейли районындағы үйрениўлер болса, фермер хожалықларының жумысы менен байланыслы ҳалда өтти. Соның ишинде, “Қайып майшы” фермер хожалығында жетистирилген пахта өнимин шөлкемлескенлик пенен жыйнап алыў, теримшилерге зәрүр шараятлар жаратыў бойынша усыныслар берилди. Сондай-ақ, депутат райондағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, оқыўшылардың билим алыўы ушын жаратылған имканиятлары үйренилди ҳәм жаслардың бос ўақтын нәтийжели өткериў бойынша алып барылып атырған жумыслар талланды.

Сол күни Нодира Рашидова Жүзимбағ аўылы турғынлары менен ушырасып,  аймақ халқы менен сәўбетте елимизде жүз берип атырған унамлы өзгерислердиң нәпеси бул жерде де сезилип атырғаны атап өтилди. Аўыл жоллары оңланып, жаңа социаллық тараў объектлери пайдаланыўға тапсырылып атырғанын аўыл турғынлары мақтаныш пенен тилге алды.

Ушырасыўда пуқаралар аймақта ишимлик суўынан машқала бар екенлигин билдирди. Депутат Н.Рашидова бул келип түскен мүрәжат бойынша тийисли шөлкемлер менен сөйлесиўлер арқалы шешим табыў жолларын көрип шығатуғынын билдирди.

Депутат буннан кейин Қараөзек районында болып, райондағы алып барылып атырған жумыслар ҳәм халықтың турмысы менен танысты. Ең дәслеп ол Бердақ аўыл пуқаралар жыйынында болып, кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайынан хабар алды. Аймақ халқының жасаў шараятын көзден өткериў мақсетинде, социаллық қорғаўға мүтәж, ҳаял-қызлар дәптери ҳәм темир дәптерде дизимге алынған бир неше пуқаралардың шаңарағында болып, олардың машқала ҳәм пикирлерин тыңлады.


 

Сондай-ақ, райондағы жаңадан реконструкциядан шыққан 33-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, ертеңги күн ийелери болған жасларға жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Соны айтып өтиўимиз керек, депутатқа буннан алдынғы сапарда билдирилген мүрәжаттан кейин, бул мектепке суўды тазалаў үскенеси қурылған еди. Мектеп жәмәәти бул мүрәжатты унамлы шешкени ушын депутат Н.Рашидоваға өз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги