Коррупцияның алдын алыўда жәмийетлик қадағалаўдың әҳмийети додаланды

Нөкис районында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов райондағы мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасты.
Илажда коррупцияның алдын алыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм реформалардың нәтийжелилигин арттырыўда жәмийетлик қадағалаўдың әҳмийети мәселелери додаланды.
Илажда Олий Мажлис төменги палатасы депутаты коррупцияны келтирип шығарып атырған факторларды анықлаў, олардың алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша мәмлекет басшысы тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелери ҳаққында пикир билдирди. Соның менен бирге, халық арасында ҳуқықый мәдениятты арттырыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жаңа нызамлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўде пуқаралардың белсене қатнасыўы шешиўши әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша бир қатар усыныслар алға қойылды, бул иллетке қарсы аяўсыз гүресиў бағдарында ислениўи тийис илажлар бойынша пикирлер билдирилди. Депутат тәрепинен тийисли уйымлар ҳәм нызамшылық басламалары шеңберинде көрип шығыў ҳәм әмелий илажлар режесине киргизиў бойынша ҳәрекетлер белгиленетуғыны мәлим етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги