Сидней саммитинде космос тараўында бирге ислесиў мәселелери додаланды

110

Сидней қаласында болып өткен Халықаралық астронавтика конгреси шеңбериндеги “IAC Hosts Summit”тиң 12-мәжилисинде 60 тан аслам мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте космос тараўында ири илажларды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Саммит бағдарламасы шеңберинде бир қатар әҳмийетли сессиялар шөлкемлестирилди. Соның ишинде, “Sponsorship: The Backbone of a Successful IAC” темасындағы панельде SWF, CNES, Azercosmos, SIAA ҳәм AIDAA ўәкиллери өз тәжирийбелери менен ортақласып, ири халықаралық илажларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаўда нәтийжели бағдарларды додалады.

Сондай-ақ, “Ready to Take Off: Pitching Your IAC Vision for 2028” атамасында Бахрейн, Ҳиндстан ҳәм Өзбекстан делегациялары өз усыныслары ҳәм концепциялары менен қатнасты. Өзбекстан Республикасы атынан “O‘zbekkosmos” агентлиги презентация өткерди. Агентлик директорының орынбасары Муҳиддин Ибрагимов видео ҳәм мультимедиа презентациясы арқалы 2028-жылдағы Халықаралық астронавтика конгресин Самарқанд қаласында өткериў концепциясын усынды.

Презентацияда Самарқандтың тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм заманагөй инфраструктуралық имканиятлары, мәмлекеттиң космос тараўындағы тийкарғы мақсет ҳәм басламалары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳүкиметиниң ири халықаралық илажларды нәтийжели шөлкемлестириўдеги тәжирийбеси ҳаққында сөз етилип, мәмлекеттиң халықаралық бирге ислесиўге ашық екенлиги атап өтилди.

“Hosting the IAC as a Bridge for Unity” темасындағы халықаралық панель сессиясында болса Түркия, Италия, Австралия, АҚШ ҳәм Польша ўәкиллери қатнасып, IACтың глобал аўызбиршилик, илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўдағы әҳмийети ҳаққында пикир алысты.

 

Нигора Раҳмонова, ӨзА