Өзбекстан – Корея: Маманлық арттырыўда жаңа басқыш
96

Өзбекстан Миграция агентлиги ҳәм Кореяның Куонгсаннам-до провинциясы арасында E-7 маман жумысшы визасы бойынша келисимге қол қойылды.
Келисимге бола, өзбек жаслары провинциядағы ири санаат тармақларында қәниге сыпатында ислеп, билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў имканиятына ийе болады.
Губернатор Пак Вансу бул бирге ислесиўди провинция тарийхында сырт елли жумысшы күшин қабыл етиў бағдарындағы биринши ҳүжжет сыпатында атап өтти. Сондай-ақ, ушырасыўда Е-8 мәўсимлик жумысшы визасы бойынша да жойбарлар жолға қойылатуғыны билдирилди.
Ҳамроз Баянов,
ӨзА