Дүнядағы ең абырайлы ҳәм ең көп силтеме келтирилетуғын “The Lancet” медициналық журналында мақала басып шығарылыўы Өзбекстан илимий ҳәм гуманитарлық басламалардың глобал картасында мүнәсип орын ийелеп атырғанының айқын дәлили болып есапланады.

“The Lancet” – жетекши экспертлер, ҳүкиметлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң итибарындағы басылым. Оның бетлеринде мақала басып шығарылыўы теманың тек ғана жоқары илимий қуны емес, ал дүнья күн тәртиби ушын әҳмийетли екенлигин аңлатады.
Мақалада, әйне, Өзбекстан балалар арасындағы онкологиялық кеселликлерге қарсы гүресиў, заманагөй медицинаны раўажландырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарында системалы ислеп атырған мәмлекет сыпатында басқа мәмлекетлерге үлги етип көрсетилгени айрықша әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, Президент Шавкат Мирзиёевтиң пәрманына муўапық Балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў миллий стратегиясы қабыл етилгени, Ташкент қаласында Балалар раги бойынша халықаралық академиялық хаб шөлкемлестирилип атырғаны атап өтилген.
Усы тәризде, “The Lancet” журналында басып шығарылған мақала Өзбекстанның жедел раўажланып атырған, ашық-айдын ҳәм жуўапкершиликли мәмлекет сыпатында абырайы артып атырғанын ҳәм глобал машқалаларды шешиўге салмақлы үлес қосыўға қәдир екенлигин тастыйықлайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги