Түркияның батыс бөлегиндеги Кутахья ўәлаятында 5,4 баллық жер силкиниў жүз берди
99

Түркияның Кутахья ўәлаятында жер силкиниўи жүз берди.
Бул ҳаққында Түркияның Тәбийғый апатшылықлар ҳәм айрықша жағдайлар басқармасы (AFAD) сайтында мәлим етилди.
Жер асты силкиниўи жергиликли ўақыт пенен 12:59 да жүз берген. Буны қоңсылас ўәлаятлардың халқы да сезген.
Жер силкиниў ошағы Симав аймағында болған. Дерек 8,46 км тереңликте жайласқан.
Ҳәзирше жәбирленгенлер ҳәм ўайран етилгенлер ҳаққында мағлыўмат келип түспеди.
Бурын хабар бергенимиздей, Мьянмадағы күшли жер силкиниў әййемги монастырь сарайының ашылыўына жәрдем берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги