Х әўлад не ушын ең көп пул сарыплайды?

Х әўлад ўәкиллери (1965-1980-жылларда туўылғанлар) тутыныў базарында тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшке айланды.
“Репорт”тың жазыўынша, Nielsen изертлеў нәтийжелерине бола, тек ғана АҚШтыӊ өзинде бул әўлад ўәкиллери (2025-жыл) өнимлер ҳәм хызметлерге жәми 15,2 триллион доллар жумсайды.
Изертлеўшилер Х әўлады избе-изликти ҳәмме нәрседен үстин қоятуғынын, өз тәжирийбесине тийкарланған қарарларды қабыл ететуғынын ҳәм импулсьти пайдаланыўдан қашып, пулды ысырап етпеўге ҳәрекет ететуғынын, яғный олар көп пул сарыпласа да пайдалы сатып алыўды абзал көретуғынын атап өтеди.
Жас әўлад Y-миллениаллар (1981-1996-жылларда туўылғанлар) көбинесе жаңа тәжирийбелерди қәлейди ҳәм қаржыларын усы жолда сарыплайды, Z-зуммерлер (1997-2012-жылларда туўылғанлар) болса жәмийетлик пикирге тийкарланып қарар қабыл етеди.
Есабатта атап өтилиўинше, Интернет кең тарқалыўдан алдын жасаған, бирақ оған тез бейимлескен Х әўладының тутыныўшы сыпатындағы минез-қулқы ҳәм офлайн, ҳәм онлайн мағлыўмат ҳәм сатып алыў каналларын бирлестириў имканиятын береди.
Қәнигелердиң пикиринше, бул усақлап сатыўшылар, қарыйдарлар ушын имканиятларды кеңейтеди, тутыныў ҳәм экономикалық өсиўди хошаметлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги