«Flemish Open»: халықаралық турнирде еки спортшымыз жеңимпаз
94

Бельгияның Гент қаласында спорттың қылышласыў түринен ерлер ҳәм қызлар арасында «Flemish Open» халықаралық турнири болып өтпекте.
Бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыз спортшылары да табыслы қатнасып, жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.
Атап айтқанда, ерлер арасында өткерилген беллесиўлерде Муса Аймуратов барлық қарсыласларын жеңип шығып, турнирде алтын медаль ийеси айланды.

Ал, қызлар арасында беллесиўлерде болса, Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы Зайнаб Дайыбекова қола медалын жеңип алды.

Зайнаб Дайыбекова финал жолламасы ушын өткерилген ярым финал беллесиўинде франциялы Луиз Клейнге 12:15 есабында жеңилип қалды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги