Билимли студентлер ертеңги айдын келешегимиз

116

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде әҳмийетли ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Президент Администрациясы баслығының суд системасын реформалаў бойынша орынбасары Нодира Ҳакимова ҳәм Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң судьясы Маликахон Қаландаровалар қатнасты.

Дәслеп мийманлар университетте билимлендириў процесслери ҳәм жаратылған шараятлар менен танысты. Буннан соң Юридика факультети студент-жаслары менен ушырасып, сәўбетлести. Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиз келешегин қурыўда жаслардың тутқан орнын ҳәм жуўапкершилигин айрықша атап өтти. Сәўбетлесиў даўамында мәмлекетимизде суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың бағдары, олардың жәмийетимиз турмысындағы әҳмийети ҳәм жаслар ушын жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Сәўбетлесиў барысында студентлер  халықтың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыўға, жаслардың ҳуқықый тараўда белсене қатнасыўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы өз пикирлерин билдирди. Бул ушырасыў студентлерде ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерди беккемлеўде, сондай-ақ, оларды суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың барысы менен жақыннан таныстырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги