Пикирлер майданында-билимлендириў келешеги

98

Хожели районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминде белгиленген реже тийкарында тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша ашық сәўбет өткерилди. Оған районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими  баслығы К.Файзуллаева, район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы С.Ҳүрметуллаева, мектеп директорлары ҳәм ғалаба хабар қураллары  ўәкиллери қатнасты.

Сөзге шыққанлар билимлендириў тараўында исленип атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар менен бөлисип, бир қанша жетискенликлер ҳаққында айтып өтти. Илажда атап өтилгениндей ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, келешек әўладтың елимиздиң мүнәсип перзентлери болып жетилисип шығыўы ушын барлық шараятлар жаратылып, оқытыўшы педагоглардың жумысларын жетилистириў, олардың заман талаплары тийкарында билим бериўи ҳәм  оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли реформалар алып барылмақта. Әсиресе, 15-сентябрь күни Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында Президентимиздиң Муғаллимлер ҳәм устазлар күни алдынан тараў хызметкерлери менен болып өткен ушырасыўында педагоглар ушын жаңа жеңилликлерди енгизгени муғаллим педагогларға және де күш -жигер  бағышлады.

Хожели районында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 42 мектеп ҳәм 25 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бар болып,  жәми райондағы 22 557 оқыўшыға 2296 дан аслам педагог-оқытыўшылар,  3-6 жас 9 710 баладан 7 486 (қамтыў 77,1%) тәрбияланыўшыға 406 педагог-тәрбияшы тәлим – тәрбия берип келмекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2022-жыл 11-май күнги «2022 – 2026-жылларда мектеп билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында»  ғы пәрманы тийкарында  райондағы 22 муғаллим   ең көп ис ҳақы (1000 доллар) алып келмекте.

Бүгинги күнде мектеплердеги 210 шет тили пәни муғаллимнен В2 миллий сертификат алған 60 (28,6%), С1(55,2%) миллий сертификаты бойынша 176 (83,8%) муғаллим миллий ҳәм халықаралық дәрежесиндеги сертификатларға ийе. Быйылғы 2025-жылы 1762 питкериўшиден 465  оқыўшы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўге ерискен болса (квота бойынша да оқыўшылар жоқары оқыў орынларына қабылланбақта),  2024-2025-оқыў жылында 1762 мектеп питкериўшиси арасынан 18 «Алтын», 8 питкериўши «Гүмис» медаллары менен сыйлықланды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл                                25-декабрьдеги “Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларында оқытыў ҳәм оларға менеджерлик сертификатын бериў тәртиби бойынша режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы  ҳәм де  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-августтағы «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсларында оқытыў, оларға менеджерлик сертификатын бериў ҳәм талабанларды лаўазымға тайынлаў системасын енгизиў ҳаққында”ғы қарарлары тийкарында 10 мектеп директоры, 10 шөлкем директоры, 6 талабан ҳәм 6 директорлыққа талабан менеджерлик сертификатқа ийе болды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 25-августтағы «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўалаятында жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплеринде саламат аўқатландырыў системасын жәнеде жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында райондағы мектеплерде «Бекберген Сервис орайы»  жуўапкершилиги  шекленген жәмийети тәрепинен 1-4 класс жәми 8 867 оқыўшыларына 1-октябрь сәнесинен баслап бийпул тағамнама тийкарында азық-аўқат жеткерип бериў режелестирилмекте.

2025-2025-оқыў жылында kelajak.uzedu.uz платформасы арқалы мектеплерде айырым тайпадағы шаңарақ перзентлери (кәмбағаллық реестринде турғанлар) ушын пән дөгереклери шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, район аймағынан узақ болған «Сарышүнгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 13-санлы мектеп жанында 3-6 жас балаларды қамтып алыў мақсетинде «Мобиль топар»ы  90 млн сум қаржы есабынан шөлкемлестирилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Райондағы 3-, 6-, 10-, 14-, 32-санлы мектеплерде ислеп шығарыў ҳəм хызмет көрсетиў орынлары (тигиўшилик, зергерлик, өнерментшилик, гүлшилик ҳәм усташылық) иске түсирилген болып, бул мектеплерде оқыўшылар билим алыў менен бирге кәсип сырларын да үйренип келмекте.

-Мектебимизде еки жылдан берли кәсипке бағдарлаў бойынша жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта усташылық, тигиўшилик,  IT ҳәм робото техника  бойынша оқыўшыларға билим ҳәм өнер сырларын кәсип усталары оқыўшыларға үйретип келмекте.  Оқыўшыларымыздың кәсип үйрениўге деген қызығыўшылығы күшли болып, олар жақсы нәтийжелерге ериспекте. Атап айтқанда 11-класс оқыўшымыз Самандар Файзуллаев усташылық кәсибин жетик меңгерип, айына 3 ярым, төрт миллион сум  әтирапында дәрамат таўып келмекте. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириўдиң сапасын арттырыў менен бирге оқыўшы жаслардың қосымша кәсип сырларын үйрениў бойынша қаратып атырған итибары тийкарында қолында өнери болған жаслар шаңарағына қосымша дәрамат табыў менен бирге жәмийетке өз пайдасын тийгизетуғын инсанға айланары сөзсиз,- дейди райондағы 14-санлы мектептиң директоры Наргиза Пиримбетова.

Бөлим тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар шеңберинде өткерилген ашық сәўбетлесиўде оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери,  гүз-қыс мәўсимине мектеплердиң таярлығы, оқыўшыларға берилип атырған бийпул азық-аўқатлардың сапасы, муғаллимлердиң ата-аналар кеңеси менен ислесиўи, “Басламалы бюджет” бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм  мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде әмеле асырылып атырған жумыслар кең көлемде сөз етилди. Илажда қатнасқан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тараў басшыларынан өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

                               Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги