Бәркамал әўлад – миллет келешеги

107

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги «Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәмде  «Келешек орайлары»ның жумысы бойынша баспасөз конференциясы ҳәм «Бәркамал әўлад балалары» атамасындағы республикалық фестивалы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жуўапкер басшылары, аймақларда жайласқан Бәркамал әўлад балалар мектеплериниң директорлары, хызметкерлери, қәбилетли оқыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары Қ.Исмайылов Президентимиздиң 2025-жыл 8-сентябрьдеги «Мектептен тысқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиник берди.

Буннан соң әнжуманда Республикалық Бәркамал әўлад балалар мектеби директоры Д. Казакова Бәркамал әўлад балалар мектеплеринде соңғы жыллары исленген жумыслар, қолға киргизилген жетискенликлер ҳаққында баянат жасады.

Илажда журналистлер тәрепинен министрлик басшыларына бүгинги күни жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша бир қанша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алынды.

Соңынан  «Бәркамал әўлад балалары» республикалық фестивалына нәўбет берилип, онда өткен оқыў жылы даўамында өз бағдарлары бойынша белсендилик көрсеткен үлгили оқыўшылар, мектеп муғаллимлери ҳәм директорлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

– Хожели районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыйман, – дейди фестиваль жеңимпазларының бири Сабрина   Мадаминова. – Сабақтан бос ўақытлары Хожели районлық Бәркамал әўлад балалары мектебинде шөлкемлестирилген миллий қол өнери,  корейс тили ҳәм IT дөгерегине қатнайман. Мен бул фестивальда миллий кестешилик бағдары бойынша биринши орынды ийелеўге миясар болдым. Шынын айтатуғын болсам, өзимниң жеңимпаз болатуғынлығыма онша исенбеген едим. Бирақ, төрешилер мениң кестелеген өнимлеримди жеңимпазлыққа ылайық көрипти, буның ушын барлық төрешилер қурамына үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары устазларымның маған берген билимлерин әмелде қолланып, елимиз ушын керекли маман қәниге болып жетилисемен.

Илаж Бәркамал әўлад балалары мектеплериниң тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған рәң-бәрең концерт бағдарламасы менен оғада заўықлы даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы