Қазақстанда кадрлар алмасыўы жүз берди

96

Қазақстанда кадрлар алмасыўы жүз берди, деп жазбақта елдиң “Qazaqparat” баспасөз хызмети.

Оған бола, Мурат Нуртлеу сыртқы ислер министри лаўазымынан азат етилип, Қазақстан Республикасы Президентиниң халықаралық инвестициялар ҳәм саўда бирге ислесиўи мәселелери бойынша жәрдемшиси етип тайынланды.

Ермек Кушербаевқа болса Қазақстан сыртқы ислер министри ўазыйпасы жүкленди. Ол усы ўақытқа шекем бас министрдиң орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

Қасым-Жомарт Тоқаевтың пәрманы менен Ержан Қазыхан Қазақстанның Женевадағы БМШ бөлими ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер жанындағы жаңа турақлы ўәкили етип тайынланған. Оған шекем ол Қазақстан Республикасы Президентиниң халықаралық мәселелер бойынша жәрдемшиси болып ислеген.

Сондай-ақ, деректе Ержан Ашықбаев Қазақстанның АҚШтағы елшиси лаўазымынан, Зульфия Сулейменова Қазақстан Республикасы Президентиниң халықаралық экологиялық бирге ислесиў бойынша арнаўлы ўәкили лаўазымынан, Канат Бисимбайулы Шарлапайев Қазақстан Республикасы Президентиниң экономикалық мәселелер бойынша жәрдемшиси лаўазымынан,  Йернар Жеңисулы Баспаев Қазақстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи лаўазымынан, Тамара Басымбекқызы Дүйсенова Қазақстан Республикасы Президентиниң жәрдемшиси лаўазымынан босатылды.

Мәмлекет басшысының пәрманы менен Бакытжан Шаймухамедули Сапиев Қазақстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи етип тайынланды, ол бурынғы ийелеп турған лаўазымынан босатылып,  Алихан Қайыргелдиулы Жамсатов Қазақстан Республикасы Президенти Администрациясы Мәмлекетлик қадағалаў бөлиминиң баслығы лаўазымына тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги