Медицина: Өзбекстан тәжирийбесиниң дүнья көлеминдеги тән алыныўы

102

«The Lancet» – 200 жылдан берли басып шығарылып киятырған, медицина тараўында дүньядағы ең абырайлы журнал болып есапланады. Онда жәрияланған соңғы мақалада балалар раги ҳәм қан кеселликлери бойынша глобал дәрежеде қыстаўлы илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилген.

БМШ есабатларына бола, бул бағдардағы жумыслар төменлеп бармақта. Сол себепли, «The Lancet» журналы мақаласында жаңа қатнаслар, анық мақсетлер ҳәм узақ мүддетли инвестициялар зәрүр екенлигине айрықша итибар берилген.

Мақалада атап өтилиўинше, бүгинги күнде кем ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлерде теңсизлик үлкен қәўип туўдырмақта: рак кеселлигине шалынған балалардың 30 проценттен азырағы аман қалады ҳәм орақ тәризли клеткалы анемия менен аўырған нәрестелердиң ярымы 5 жасқа жетпей қайтыс болады.

Усы шараятта Өзбекстандағы реформалар үлги сыпатында тилге алынған:

– Президент пәрманы тийкарында Балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша миллий стратегия қабыл етилди;

– Ташкенттеги Халықаралық академиялық орай регион бойынша клиникалық тәжирийбе ҳәм инновациялар орайына айланбақта;

– емлеў, күтим ҳәм кадрлар таярлаўда бирден-бир қатнас жолға қойылмақта.

Бул – Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жумыслар глобал денсаўлықты сақлаў күн тәртибине сәйкес екенлигин көрсетеди.

ӨзА