Майыплықты белгилеўде жаңа тәртип: ўақыт та, қаржы да үнемленеди

122

Майыплығы болған шахслар жәмийетимиздиң бир бөлеги ҳәм тең ҳуқықлы ағзасы болып есапланады. Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын кепилликке алыў мақсетинде тараўда бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.

Енди майыплықты белгилеўде шыпакерлик мәсләҳәт комиссияларының орнына 18,5 мың шаңарақлық шыпакерлер наўқастың медициналық ҳүжжетлерин үйренип, эксперт комиссиясына өзи жибереди. Бул арқалы ўақыт ҳәм гезеклер бираз қысқарады.

Әдетте, шипакерлик мәсләҳәт комиссиялары тәрепинен бир наўқастың ҳүжжетин үйрениў ушын 40-45 минут ўақыт талап етилген. Енди наўқас кеселлиги ҳаққында автомат түрде қәлиплесетуғын мағлыўматлар 6 дан 33 ке көбейип, мағлыўматларды толтырыўға кететуғын ўақыт 2 сааттан 20-25 минутқа шекем қысқарды.

Алдынлары наўқас кеселликке байланыслы болмаған көплеген тексериўлерден өтиўи керек еди. Оған мысал, аяқ ампутациясына ушыраған наўқас биохимиялық тексериўлер, қан ҳәм сидик улыўма анализи, ЭКГ, рентген, терапевт, невролог, хирург ҳәм травматолог жуўмағы талап етилген. Бул болса наўқас ушын орташа 400-500 мың сум әтирапындағы қәрежет дегени еди. Наўқасларды тексериўлерден өткериў нормалары ислеп шығылып, енди, наўқас тек ғана стандартта көрсетилген тексериўден бийпул өтеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзАның хабаршысы