Супер-контракттыӊ орнына жаңа система енгизилди (+видео)

115

Социаллық тармақларда тарқалған “Өзбекстанда супер-контракт пүткиллей бийкар етилди” деген хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди.

2025-жыл 13-сентябрьде Министрлер Кабинетиниң 578-санлы қарары қабыл етилди. Оған бола, 2017-жыл 20-июньде тастыйықланған ҳәм ҳәзирге шекем әмел етип келген 393-санлы қарар өз күшин жойытқан.

Усы гөнерген қарарға тийкарланып, тестте 56,7 баллдан аз алған абитуриентлер супер-контракт тийкарында – яғный ең жоқары төлем-контракттиң еки есесине шекем төлеп – 1-оқыў жылында оқыўға қабыл етилиўи мүмкин еди. Енди бул тәртип бийкар етилди.

Жаңа қарарға муўапық, төлемли-контракт муғдары абитуриент таңлаў шегарасынан қанша кем балл топлағанына қарап анықланады. Яғный контракт баҳалары төмендегише дифференцияланады:

1,05 баллға шекем жетпей қалғанлар – базалық контракттың 1,5 есеси;

1,06 баллдан 2,05 баллға шекем – 2 есе;

2,06 баллдан 3,05 баллға шекем – 2,5 есе;

3,06 дан 4,05 баллға шекем – 3 есе;

Егер абитуриент таңлаў нәтийжесинен 4,05 баллдан артық жетисе алмаған болса, оның төлем муғдары жоқары билимлендириў мәкемесиниң басшысы тәрепинен белгиленеди. Бул муғдар кеминде базалық контракттың 3 есесинен аз болмаўы керек.

Жуўмақлап айтқанда, супер-контракт системасы ески көринисинде бийкар етилип, оның орнына балл нәтийжелерине қарап анық белгиленетуғын, басқышпа-басқыш жаңа төлем системасы енгизилди.

Фардона Яхшибоева, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА