Салық есабатларын өз ўақтында тапсырайық

113

Салық есабаты салық төлеўшиниң ҳәр бир салық түри ямаса төленген дәраматлар бойынша есап-санақларды ҳәм салық декларацияларын, сондай-ақ есап-санақларға ҳәм салық декларацияларына қосымшаларды өз ишине алған, салық төлеўшилердиң ҳәм салық агентлериниң салық миннетлемелерин анықлаў ушын тийкар болып хызмет ететуғын ҳүжжетлери болып табылады.

Салық есабаты Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғын формаларда дүзиледи. Салық есабаты салық уйымларына тек ғана шахс салық төлеўши деп тән алынатуғын салықлар бойынша усынылады.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 175-статьясы 2-бөлимине тийкарланып, салық есабаты өз ўақтында усынылмағаны ушын кәрхананың лаўазымлы шахсларына базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында ҳәкимшилик жәрийма нәзерде тутылған.

Ҳәкимшилик жаза ҳуқықбузарлық исленген күннен баслап 1 жылдан кешиктирмей, даўам етип атырған ҳуқықбузарлықлар ушын болса, ҳуқықбузарлық анықланған күннен баслап 1 жылдан кешиктирмей қолланылыўы мүмкин.

Мәселен, 2024-жыл октябрь айы ушын қосымша қун салығы бойынша салық есабатын тапсырыўдың соңғы мүддети Салық кодексиниң 273-статьясы 1-бөлимине тийкарланып, 2024-жыл 20-ноябрь есапланады. Яғный, 2024-жыл 21-ноябрь ҳуқықбузарлық жүз берген күн есапланады ҳәм усы сәнеден баслап 1 жыл даўамында ҳуқықбузарға ҳәкимшилик жәрийма қолланылыўы мүмкин.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Салық кодексинде белгиленген барлық салықлар ҳәм жыйымлар ушын усы Кодекстиң арнаўлы бөлиминде салықлар ҳәм жыйымларды есаплап шығыў, салық есабатын усыныў салықларды төлеў тәртиби ҳәм мүддетлери көрсетилген.

Атап айтқанда, 2024-жылдың 7-октябрь сәнеси – сентябрь айы ушын банклер тәрепинен Өзбекстан Республикасының резидентлери болмаған кәрханалар ушын әмелге асырылған төлемлер (дивидендлер ҳәм процентлер төлеминен тысқары) бойынша юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығын бюджетке өткериўдиң ақырғы күни, 9-октябрь – алкоголь өнимлерин реализациялаў ҳуқықы ушын жыйым төлеўдиң ақырғы күни, 10-октябрь – акциз салығы есабын усыныў ҳәм төлеўдиң ақырғы күни ҳәм октябрь айы ушын айланыстан салық төлеўшилер есапланбайтуғын салық төлеўшилер тәрепинен мүлк салығының жыллық суммасының он екиден бир бөлеги муғдарында ағымдағы төлемлерди төлеўдиң ақырғы күни, 15-октябрь – есапланған ҳәм әмелде төленген дәраматлар суммалары ҳәм де физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққындағы мағлыўматларды усыныў, сондай-ақ социаллық салық есабын усыныў ҳәм төлеўдиң ақырғы күни, 23-октябрь – жәми дәраматы ағымдағы салық дәўиринен алдынғы салық дәўири ушын киргизилген дүзетиўлер есапқа алынған ҳалда 10 млрд сумнан артатуғын пайда салығы төлеўшилери ҳәр айлық аванс төлемлерин төлеўдиң ақырғы күни болып есапланады.

Буннан тысқары, Салық кодексиниң улыўма бөлиминиң талапларына тийкарланып, салық есабатларын белгиленген мүддетлерде усыныў салықларды төлеў миннетлемесине ийе барлық салық төлеўшилер ушын мәжбүрий болып есапланады.

Д. Калмуратов,

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы

Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти

аға ревизоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги