Өзбекстанда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери күни белгиленбекте

Бүгин, 26-сентябрь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күни.
Қәўипсизликти тәмийинлеў, дүньяда болып атырған қыйын ҳәм қәўипли жағдайда тынышлықты сақлаў, халқымыздың еркин ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўде қорғаныў, ҳуқық қорғаў уйымлары менен бир қатарда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (МҚХ) хызметкерлериниң айрықша орны бар.
Көбинесе олар көзге айқын көринбейди. Бирақ ең қыйын жағдайларда, шешиўши мәўритлерде олар бар. Кимдур бул елге ғәрезли нийет пенен қараса, тынышлыққа зыян келтирмекши болса, олар бириншилерден болып оны сезеди ҳәм оған шек қояды. Керек болса көкирегин қалқан қылады.
Бүгин олардың кәсиплик байрамы. 2021-жыл 14-сентябрьдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында”ғы нызам менен 26-сентябрь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети уйымлары хызметкерлери күни, етип белгиленди.
“Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында”ғы нызамға бола, МҚХның тийкарғы ўазыйпалары – Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимин, суверенитетин, аймақлық пүтинлигин ҳәм басқа да мәмлекетлик мәплерди сыртқы ҳәм ишки қәўиплерден қорғаўдан, нызамлылықты беккемлеў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўден, сондай-ақ, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң ўәкиллигине киргизилген ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм оларға шек қойыўдан ибарат.
МҚХ – мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде өз жумысын арнаўлы қураллар, формалар ҳәм усыллар менен әмелге асыратуғын арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым.
МҚХ мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады. Өз ўәкилликлери шеңберинде Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик қәўипсизлигин ҳәм мәмлекет мәплериниң сыртқы және ишки қәўип-қәтерлерден қорғалыўын тәмийинлейди. Бул тараўда нызамшылық ҳәм нызам үстинлигин беккемлейди.
Ҳәзирги ўақытта тараў хызметкерлери ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша жумыс алып бармақта. Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзими, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине қәўиплердиң алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша разведка ҳәм контрразведка жумысын әмелге асырмақта.
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасын қорғаў ҳәм сақлаў, Өзбекстан Республикасының Қураллы Күшлери ҳәм қорғаныў-санаат комплексин мәмлекет қәўипсизлигине болатуғын қәўип-қәтерлерден қорғаў, мәмлекеттиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша стратегиялық басламаларды әмелге асырыўда қатнаспақта.
Терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылыққа, қурал-жарақ, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, мәмлекет мәплери ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын миллий, этникалық ҳәм диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаўға қаратылған бузғыншылық жумысының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оған шек қойыў бойынша избе-из жумыс алып бармақта.
Экономикалық, илимий-техникалық, социаллық ҳәм мәлимлеме тараўларында мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы халқының мәдений-тарийхый ҳәм бай руўхый мийрасын қорғаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерде мәмлекет мәплерине және қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын коррупция жағдайларына қарсы гүресиў, телекоммуникациялар ҳәм транспорт тараўында мәмлекет қәўипсизликти тәмийинлеў, айрықша жағдайларға шараят жаратыўшы факторлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм оларға шек қойыў сыяқлы бағдарларда қатнаспақта.
МҚХ өз жумысында нызамлылық, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў және оларды ҳүрмет етиў, пуқаралардың жәрдемине сүйениў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактикасының үстинлиги, бирден-бирлик, ғәрезсизлик, конспирация сыяқлы принциплерге әмел етеди.
Нызамға муўапық МҚХның әскерий хызметкерлери өз жумысын пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў және оларды ҳүрмет етиў тийкарында әмелге асырады.
Усы күнлерде МҚХ хызметкерлери әмелге асырып атырған жумысларға бир нәзер тасласақ: жақында МҚХ ҳәм ИИМ хызметкерлери тәрепинен алып барылған оператив-излеў илажлары даўамында инсан органлары ҳәм тоқымалары саўдасы менен шуғылланған шөлкемлескен жынайый топар әшкар етилди. Жәмлескен жынайый топардың 2023-2025-жыллардағы жумысы даўамында 32 наўқасқа бөтеке ямаса баўыр тоқымалары көширип өткерилген. Жәмлескен жынайый топар ағзаларына жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылды. Ҳәзирде жынаят суд уйымларына жиберилген.
Сурхандәрья ўәлаяты Сарыосиё районындағы мәкан пуқаралар жыйынларынан бириндеги ҳәким жәрдемшиси өзиниң хызмет дәрежесинен пайдаланған ҳалда пуқарадан жер майданын 30 жыл мүддетке ижараға алып бериў есесине 29 миллион сум талап еткен.
МҚХ, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Ишки ислер уйымлары хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда ҳәким жәрдемшиси соралған пулды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды. Оператив илаж даўам еттирилип, инженер ҳәм сектор баслығы бул пул қаржысын алған ўақытта олардың нызамсыз ҳәрекетлерине шек қойылды.
Ҳәзирги ўақытта бул шахсларға Жынаят кодексиниң 168 ҳәм 211-статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Тәжикстаннан алып келинген 66 кг наркотикалық затлар тоқтатып қалынды. “Равот” шегара бажыхана постында автомашина тереңнен көзден өткерилгенде, оның жүкханасына орнатылған газ баллоны ишине 53 орамда нәшебентлик қураллары жасырылғанлығы мәлим болды. Экспертиза жуўмағына бола, бул орамларда 50 кг. 852 гр. “опий” ҳәм 6 кг. 927 гр. “гашиш” дәрилик затлары бар екенлиги анықланды.
Бундай мысалларды және де даўам еттириў мүмкин. Олардың тийкарында инсан ҳуқықларын қорғаў, халқымыздың мәплери, мәмлекетимиздиң қәўипсизлиги жатыр.
Жуўмақлап айтқанда, МҚХ хызметкерлери халқымыздың мәплерине қайшы келетуғын ҳәр қандай жағдайға шек қойыў, тынышлыққа қәўип салыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерге қарсы турыўда пидайылық көрсетпекте.
Мине, усындай пидайыларды кәсиплик байрамы менен қутлықлаймыз. Қыйын, бирақ мақтанышлы машақатлы жумысында әўмет яр болыўын тилеймиз.
Норгул Абдураимова, ӨзА