Ўәсиятнаманы өзгертиў мүмкин бе?

131

Әмелдеги нызамшылыққа бола, мийрас иси ўәсият ҳәм нызам бойынша әмелге асырылады. Мийрас егер ўәсият қылынған болса ўәсиятнама бойынша, ал ўәсият қылынбаған болса нызам бойынша белгиленеди.

Мийрас пуқаралардың өлиминен кейин рәсмийлестирилип, ашылған ўақытта мийрас қалдырыўшыға тийисли болған, оның өлиминен кейин де бийкар болмайтуғын барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелер мийрас мүлки есапланады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 1135-статьясына муўапық, мийрас қалдырыўшының перзентлери, өмирлик жолдасы ҳәм ата-аналары тең үлеслерде биринши гезектеги мийрасхорлар есапланады. Мийрас қалдырыўшының өлиминен кейин туўылған балалары да биринши гезектеги мийрасхорлар қатарына киреди.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 1120-статьясы бойынша пуқаралардың өлиминен кейин өзине тийисли мал-мүлкин яки усы мал-мүлкке болған ҳуқуқын мүлкке болған ийеликти белгилеў ҳаққындағы қәлеўи ўәсият делинеди.

Пуқара өзиниң барлық мал-мүлкин ямаса оның белгили бир бөлегин нызам бойынша мийрасхорлар қатарына кириўши, сондай-ақ, кирмейтуғын бир яки бир неше шахсларға, соның менен бирге, юридикалық шахсларға, мәмлекет яки пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына ўәсият етип қалдырыўы мүмкин. Онда ўәсиятнаманың жазылған мәнзили, сәнеси ҳәм зәрүрли жағдайларда ўақты көрсетилген ҳалда, жазба түрде нотариал тәртипте тастыйықланыўы лазым.

Ўәсиятнама ўәсият қылыўшы тәрепинен жазылыӯы ямаса оның сөзлерин нотариус жазып алған болыўы мүмкин. Бундай жағдайда ўәсиятнаманың тексти қол койыў ўақтында ўәсиятнаманың ийесине толық таныстырылыўы керек. Ўәсият қылыўшы саўатсызлығы ямаса кеселлиги себепли ўәсиятнамаға қол қоя алмаса Өзбекстан Республикасы “Нотариат ҳаққында”ғы нызамының 34-статьясына муўапық, ўәсият қылыӯшының тапсырмасы менен өзи ҳәм нотариус қатнасыўында себеплер көрсетилген ҳалда ўәсиятнамаға басқа шахс (қалыс ўәкил) қол қойыўы мүмкин.

Бүгинги күнде нызамшылығымызға киргизилген жаңа қосымша ҳәм өзгерислерде ўәсиятнама аудио ҳәм видео жазыўларға жазып алыныўы шәрт болды. Ўәсиятнаманы тастыйықлаў ўақтында ўәсият қылыӯшы мал-мүлкке ийелик етиў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлерин усыныўы талап етилмейди.

Нотариус ўәсиятнаманы тастыйықлаў ўақтында ўәсият қылыўшыға ўәсиятнаманы өзи қәлеген ўақытта бийкар етиӯи, өзгертиўи мүмкинлиги, ўәсиятнама кимниң атына жазылыўына қарамастан, мийрастан мәжбурий үлес алыў ҳуқықына ийе болған шахслар, яғный, мийрас қалдырыўшының ер жетпеген перзентлери ҳәм мийнетке қәбилетсиз шанарақ ағзалары ҳаққында түсиндириледи. Бул ҳаққында ўәсиятнаманың өзинде де көрсетип өтиледи.

Ўәсият қылыўшы пуқара Өзбекстан Республикасы “Нотариат ҳаққында”ғы нызамының 16-статьясына муўапық, ўәсиятнаманы өзгертиў ҳәм бийкар етиў ушын өзи қәлеген ўақытта нотариусқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.

Анварбек АТАЖАНОВ,

Төрткүл районында жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги