NASA айға қәўип-қәтер туўдыратуғын астероидқа ядролық соққы бериўи мүмкин

117

2024 YR4 астероиды 2024-жылы табылған. Дәслеп оның жерге соқлығысыў қәўпи шама менен 3 процент деп есапланған. Кейин ала бул қәўип бийкарланды. Соған қарамастан, илимпазлар 2032-жылдың ақырында айға тәсири шама менен 4 процент болатуғынын атап өтпекте.

– Илимпазлар 2024 YR4 ай менен соқлығысыўының алдын алыў ушын еки вариантты усыныс етти. Бириншиси – астероид орбитасын өзгертиў, екиншиси – ядролық қурал менен космослық денени жоқ етиў. Соңғы вариант ушын бир мегатонналық ядролық бомба жетерли, – делинеди хабарда.

Жәмәәт астероид ҳаққындағы жуўмақлаўшы қарарды 2028-жылдың ақырында, ол Жерге жақынласқаннан кейин усынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги