Иранда Азияның ең ири дузлы көли дерлик жоқ болып кетти

106

Иранда жайласқан, 4000 жылдан аслам тарийхқа ийе болған Азиянын еӊ ири дузлы суў бассейни – Урмия көли дерлик пүткиллей қурып қалды. 1980-жылларда көлдиң узынлығы 140 километр, кеңлиги болса 55 километрди қураған болса, 2025-жылдың жазына келип оннан тек ғана қурғап қалған ултан ҳәм аз санлы көлшиклер ғана қалды.

Буның тийкарғы себеплери сыпатында төмендегилер атап өтилмекте: егин майданларының кескин кеңейиўи салдарынан суўдың артықша жумсалыўы, узақ даўам еткен қурғақшылық ҳәм жоқары температура себепли суўдың тез пуўланыўы.

Қарақалпақстан хабар агентилиги