“Қызыл байрақ”, “жасыл байрақ” түсиниклери қандай психологиялық факторларға қарап белгиленеди?

122

Соңғы жыллары “қызыл байрақ” (red flag) ҳәм “жасыл байрақ” (green flag) сыяқлы психологиялық атамалар социаллық тармақлар арқалы ғалабалық санаға кирип келди. Бурын тек психологиялық текстлерде ямаса терапевтикалық сәўбет усылларында ушырасатуғын бул түсиниклер бүгинги күнде әпиўайы байланыс қуралына айланып кеткендей.

Бүгин кимдур өзи билдирип атырған ҳәрекетлерди “қызыл байрақ” деп атаса, және кимлер тек ғана “жасыл байрақлар”ды излейтуғынын айтады. Бирақ мәселе усының менен питпейди.

Инсан мүнәсибетлери, ишки кеширмелери ҳәм жеке раўажланыўы усындай еки полюсли, “жақсы” ямаса “жаман” тәризде баҳаланыўы мүмкин бе? Бул атамалар жеке турмысқа қаншелли сәйкес келеди ҳәм ең әҳмийетлиси жантасыўлар инсанның өзин-өзи аңлаўына жәрдем береди ме ямаса оны шеклеп қояды ма?

Психологияда “қызыл байрақ” термини әдетте, өз мәплерин биринши орынға қойыўшы ҳәм жеке шегараларын күшли қорғайтуғын нарцистик характерге жақын адамлар түсиниледи. “Жасыл байрақ” болса керисинше, унамлы тәреплери ҳадаллық, ашық-айдынлық, эмпатия ҳәм саламат шегаралардың бар екенлигин аңлатады.

Бул түсиниклер тийкарынан психологиялық категориялар менен байланыслы. Мысалы, жеке шегаралар – инсан өзиниң руўхый аймақларын басқалар менен қалай белгилеўи, эмоционаллық жетиклик – өз кеширмелерин толық аңлаў ҳәм басқалардикине жуўапкершиликли қатнас жасаў ҳәм өз пикирин ашық айтыў менен бирге басқалардың жағдайын түсиниў қәбилети болып табылады.

Демек, “байрақ”лар негизинде ҳәр бир инсанның өзин-өзи басқарыў, сезимлерди билдириў ҳәм қатнасықларды шөлкемлестириўдеги дәрежесин белгилейтуғын белгилер сыпатында түсиниледи. Бирақ, бул белгилер толық емес, ал инсан жағдайына байланыслы, ўақтыншалық ямаса өзгериўшең болыўы мүмкин.

“Қызыл” ҳәм “жасыл байрақ” атамалары интернет мәдениятында көп жағдайларда әпиўайыластырылған, дерлик тиккелей баҳалаў қуралы сыпатында қолланылады. Бул қатнас бир қанша машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкин. Мәселен, қурамалы социаллық турмыста бир пикир тийкарында пүткил инсанды баҳалаў, адамлар ҳәр қандай қәте ямаса надурыс ҳәрекетлер қылса, тек ғана “қызыл байрақ” атамасы менен билдириў сыяқлы жағдайлар бақланып атыр.

Жүзеки анализ арқалы ишки себеплер, эмоционаллық жағдай, тәрбия, травмалар есапқа алынбайды. Бул болса адамзаттың қурамалылығын бийкарлаўға алып келеди. Инсан бир неше түрли ишки қарама-қарсылықлар, еске түсириўлер, мәдений қағыйдалар ҳәм жеке тәжирийбелердиң жыйындысы. Солай екен, оны бир “байрақ” астында баҳалаў психологиялық жақтан анық емес қатнасқа себеп болады.

Инсан шахсы турақлы ҳәрекетте болған, өзгериўшең, көп қатламлы система. Бүгин ол қыйын бир жағдайда болып, унамсыз ҳәрекет еткен болыўы, ертең болса өз үстинде ислеп, пүткиллей басқа дәрежеге шығыўы мүмкин. Психологияда бул жағдайға жеке өсиў делинеди. Бул өзгериўшеңлик төмендегилерди тәмийинлейди: өзин-өзи анализлеў тилеги, өз үстинде ислеў, қәтелерди дүзетиў. Сол себепли, қандай да бир ҳәрекет “қызыл байрақ” деп белгилениўи менен, бул турақлы жуўмақ емес. Егер инсан өзин аңлаў ҳәм өзгертиўге ашық болса, ол өз ҳәрекетлерин унамлы бағдарға бурыўы мүмкин.

Соны умытпаў керек, бул атамалар тийкарынан Батыс психологиялық мектеби тийкарында қәлиплескен. Олар индивидуализмди қәдирлейтуғын, жеке шегараларды күшли белгилейтуғын мәдениятта пайда болған. Өзбек менталитетинде болса, әтираптағылардың пикирин есапқа алыў, социаллық нормаларға бойсыныў сыяқлы өзгешеликлер бар. Сол себепли, “қызыл байрақ” деп Батыс контекстинде баҳаланған ис-ҳәрекет, бизиң жәмийетте социаллық қолайлы болмаўы мүмкин.

Демек, бул атамалардан пайдаланыўда мәдений айырмашылықлар, тарийхый-мәдений өлшемлер ҳәм жағдайлар итибарға алыныўы керек. Болмаса, инсан өзиниң ишки “мен”ине емес, социаллық басымға тийкарланған баҳалаў системасында жасап қалады.

Инсан өзин аңламай турып, ҳеш қандай психологиялық модель оған жәрдем бере алмайды. “Қызыл байрақ”тан қашыў емес, ал нени аңлатып атырғанын түсиниў, артындағы зәрүрлик ҳәм қәўетерлерди анықлаў әҳмийетлирек. Идеал адам жоқ. Ҳәр бир инсанда ишки қарама-қарсылықлар, өзин жоғалтқан дәўирлер болады. Әҳмийетлиси, бул жағдайлардан қалай өтиўди билиў.

Заманагөй психологиялық атамалар “қызыл байрақ” ҳәм “жасыл байрақ”лар адамлар арасындағы қатнасларды түсиниўде, ескертиўши белгилерди анықлаўда пайдалы қурал болыўы мүмкин. Бирақ олар ҳеш қашан инсанды толық баҳалаўшы норма бола алмайды.

Инсан тәбияты теңсалмақлық, парасат ҳәм өзин танып барыў жолы. Солай екен, заманагөй психологиялық атамаларды әмелий турмыста қолланыўдан алдын олардың ишки мазмуны, психологиялық негизи, мәдений коньтексти ҳәм шегаралары терең анализлениўи керек. Керисинше жағдайда, бул түсиниклер инсанды раўажландырыўдыӊ орнына оны шеклеўи, өзин надурыс баҳалаўға ямаса басқаларды надурыс түсиниўге алып келиўи мүмкин.

Психологиялық терминлер, трендлер ҳәм социаллық тармақларда тарқалған “байрақ” концепциялары турмысты түсиниўде қурал болыўы мүмкин, бирақ оларды абсолют өлшем сыпатында қабыл етиў қәўипли. Себеби инсан ҳәрекети бәрқулла жағдайға байланыслы, ҳәр бир ҳәрекет артында түсиник, мүтәжлик, гейде ишки аўырыў жатады.

Солай екен, инсан өз өмирин тек сыртқы этикетлер арқалы емес, ал терең таллаў, руўхый қырағылық ҳәм ишки сораў арқалы тәртипке салыўы лазым. Себеби, ҳәр қандай сиртқы концепцияға қарағанда инсанның өз ишки “мен”и менен танысыўы ең турақлы психологиялық жақынласыў болып есапланади.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА