Өзбекстанда турақлы раўажланыўға хызмет заманагөй мағлыўматлар экосистемасы жаратылады

Ташкент қаласында «Өзбекстанда мағлыўматлар басқарыўы (data governance)н таллаў ҳәм раўажландырыў» темасында семинар шөлкемлестирилди.
Мәмлекетлик уйымлар, жеке меншик сектор, пуқаралық жәмийет институтлары, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасқан семинарда мәмлекетте мағлыўматлар басқарыўы системасын раўажландырыў, ағымдағы машқалалар ҳәм имканиятлар кеңнен додаланды.
Әдиллик министриниң орынбасары Нўъмон Муҳаммадиев, Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкилиниң орынбасары Анас Карман қутлықлаў сөзлери менен қатнасыўшыларды қутлықлады.

Семинарда БМШ Раўажланыў бағдарламасының data governance методологиясы тийкарында мағлыўматларды басқарыў принциплери, нызамшылықтағы бослықлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке меншик сектордың роли, мағлыўматлар алмасыўы ҳәм технологиялық инфраструктураны раўажландырыў мәселелери бойынша презентация ҳәм додалаўлар өткерилди.
Сессиялар даўамында қатнасыўшлылар мағлыўматлардың сапасын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, оларды қорғаў, мәмлекетлик хызметлерди және де жетилистириў ҳәм ашық-айдынлықты күшейтиўге қаратылған әмелий усыныслар ислеп шықты.
Семинардың жуўмағында Өзбекстан Республикасында миллий мағлыўматлар басқарыўы системасын жетилистириў, мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты арттырыў ҳәм санлы реформаларды жеделлестириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Семинар Өзбекстанда турақлы раўажланыўға хызмет ететуғын заманагөй мағлыўматлар экосистемасын жаратыўда әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Н.Абдураимова,
ӨзА