Глобал қаржыландырыў қысқарса, 6 миллионнан аслам бала мектепке бара алмайды

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Балалар қоры (ЮНИСЕФ) глобал билимлендириўге ажыратылатуғын қаржының кескин қысқарыўынан ескертпекте. Егер усындай жағдай жүз берсе, 2026-жылға келип және 6 миллион бала мектепке бара алмай қалыўы мүмкин.
Билимлендириўге рәсмий раўажланыў жәрдеминиӊ 3,2 миллиард долларға азайыўы болжанбақта. Бул 2023-жылғы дәрежеден 24 процент аз. Көз алдымызға келтирейик: тек ғана үш донор мәмлекет өзиниң қәўендерлик үлесин 80 процентке шамалас қысқартқан. Нәтийжеде дүнья бойлап оқыўдан айырылған ул-қызлардың саны 278 миллионға жетеди екен. ЮНИСЕФ бул жағдайды Германия ҳәм Италиядағы барлық баслаўыш мектеплердиң жабылыўына теңлестирген.
ЮНИСЕФтиӊ атқарыўшы директоры Кетрин Рассел былай дейди:
– Билимлендириўден шегирилген ҳәр бир доллар тек ғана бюджет қуралы емес, ал қәўип астында қалып атырған баланың тәғдири. Қаржыландырыўдың қысқарыўы әсиресе кризисли мәмлекетлерге сезилерли тәсир етеди. Ең аз тәсир әззи регионларда бақланады. Батыс ҳәм Орайлық Африкада 1,9 миллион жас билимлендириўден айырылыўы мүмкин. Арқа Африкада болса қосымша миллион ул-қыз оқыўды тоқтатыў итималы бар.

Улыўма, 28 мәмлекеттиң билимлендириў системасы мөлшерленген жәрдемниң кеминде төрттен бир бөлегин жоғалтыў қәўпи бар. Қара материкте Кот-д Ивуар ҳәм Мали күшли машқалаға дус келеди. Бул еки мәмлекетте мектепке қабыллаў квотасы сәйкес түрде 340 000 ҳәм 180 000 ға азаяды.
Кризис турмыслық хызметке де қәўип салмақта. Мектепте аўқатландырыў бағдарламаларына (гейде бала тойып аўқатланыўы ушын бирден-бир дерек мектепте берилетуғын аўқат болып есапланады) ажыратылып атырған қаржының тең ярымына қысқарыў қәўпи пайда болған.
Тилекке қарсы, қызлардың билим алыўын қоллап-қуўатлаў да азайып бармақта. Класста қалған 290 миллионға шамалас баланың оқыўы төменлеўи мүмкин.

ЮНИСЕФ донорлар билимлендириўге берип атырған жәрдемниң дерлик ярымын раўажланбаған мәмлекетлерге бағдарлаў, гуманитарлық қаржыландырыўды сақлап қалыў сондай-ақ, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўге тийкарғы әҳмийет қаратыўға шақырмақта. Сондай-ақ, қаржы және де нәтийжели ҳәм турақлы бағдарланыўын тәмийинлейтуғын реформалар зәрүр екенлигин атап өтеди.
Кетрин Рассел қосымша етиўинше, “Билимлендириў, әсиресе айрықша жағдайдағы өмир жолы, билимлендириўге қаржы ажыратыў ҳәр бир инсан ушын келешекке қойыў мүмкин болған ең жақсы инвестиция болып есапланады.
Тараўға қаржының азайыўы биринши гезекте баслаўыш билимлендириўге аўыр соққы береди. Мағлыўматқа бола, баслаўыш билимлендириўди қаржыландырыў үштен бир бөлимге қысқарыўы күтилмекте. ЮНИСЕФ бул жағдай глобаллық кризисти және де тереңлестириўинен ескертпекте. Соныӊ менен бирге, планетамыздың көплеген регионларында турмыс тыныш емес, урыс тоқтамай атыр, балалар мектепке бара алмай атыр. Билимлендириўге бағдарланыўы керек болған пул урысқа, оқ-дәри ушын жумсалмақта. Баласын оқыта алмаған миллеттиң келешеги болса пушқа шығатуғыны сөзсиз.
С.Раҳимов, ӨзА