Венада ҳаял-қызлардың тынышлық басламалары додаланды

Вена қаласында «Жас ҳаял-қызлар тынышлық ушын: Орайлық Азия ҳаял-қызларының имканиятларын кеңейтиў» басламасының (YW4P) жуўмақлаўшы сессиясы болып өтти.
Онда Европа Аўқамы, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) делегациялары ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлериниң ағзалары қатарында Олий Мажлис Сенатының Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы Орзигуль Қозихонова да қатнасты.
Илажда ҳаял-қызлардың еркин қарар қабыл етиў көнликпелерин раўажландырыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм жәмийетте ҳаял-қызлардың роли ҳаққында баянатлар тыңланды. Қатнасыўшылар YW4P басламаның әҳмийетли бағдарлары ҳәм нәтийжелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый базаны жетилистириў ҳәм финанслық жәрдем көрсетиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
О.Қозихонова Өзбекстанда ҳаял-қызларға жаратылған шараят ҳәм имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат берди. Соның ишинде, мәмлекетимизде 2022-жылы «Ҳаял-қызлар, тынышлық ҳәм қәўипсизлик» миллий ҳәрекет режеси тастыйықланғаны, Гендер комиссиясы дүзилгени, мәҳәллелерде болса 9,4 мыңнан аслам ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшиси лаўазымлары енгизилгени атап өтилди.
Президент жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында ҳәр жылы көплеген ҳаял-қызлар басшылыққа таярланбақта. Ҳәзирги ўақытта басшы лаўазымларында олардың үлеси 35 процентке жеткен.
Халықаралық әнжуман қатнасыўшылары мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер арасында беккем бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм YW4P басламасын және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Н.Абдураимова, ӨзА