Зироат Мирзиёева Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми Бас директоры менен ушырасыў өткерди

Өзбекстан Республикасының Биринши ханымы, «Замин» фонды Қәўендерлик кеңеси баслығы Зироат Мирзиёева Нью-Йорк қаласындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы шеңберинде Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ)ниң Бас директоры доктор Тедрос Адхан Гебреесус пенен ушырасыў өткерди.
Зироат Мирзиёева ЖДСШ басшысына шөлкемниң дүньяда медицина ҳәм денсаўлықты сақлаўды раўажландырыўға қосып атырған үлкен үлеси, Өзбекстан балалары рагине қарсы дәри-дәрмақларынан пайдаланыўын тәмийинлеў бойынша глобал платформаны қоллап-қуўатлағаны ҳәм кеңейткени ушын миннетдаршылық билдирди.

Тәреплер бирге ислесиўди және де жеделлестириўге, атап айтқанда, балалар рагин ерте анықлаў, диагностика ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын енгизиў, онкология ҳәм гематология тараўында қәнигелерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, балалар ҳәм олардың шаңарақларына реабилитация ҳәм руўхый-социаллық жәрдем көрсетиў имканиятларын кеңейтиўге таяр екенлигин атап өтти.

ЖДСШ басшысы Өзбекстанның денсаўлықты сақлаў тараўындағы жумысларына ҳәм әҳмийетли социаллық ҳәм экологиялық жойбарларды әмелге асырып атырған «Замин» фонды жумысына жоқары баҳа берди.