Музыка мектеби екинши үйине айланған устаз

Соңғы жыллары халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы, республикамызда мәденият ҳәм көркем өнер тараўында да үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Елимиздиң барлық аймақларында балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери бой тиклеп, оларда келешегимиз болған жас әўладларға өзлериниң қызыққан өнер түрлери бойынша заман талабына сай тәлим-тәрбия берип келинбекте.
Бозатаў районында жайласқан 20-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби де усындай оқыў орынларының бири болып, бүгинги күни 223 оқыўшы эстрада, халық сазлары, бақсышылық, хореография, сүўретлеў өнери, әмелий көркем өнер, фортепиано ҳәм театр бағдарлары бойынша өз устазларынан тәлим алмақта. Мектеп соңғы жыллары билимли ҳәм излениўшең кадрлар менен толысып бармақта. Усындай жаслардың бири Улдәўлет Сәрсенбаева болып табылады.
Жигирмаланшы әсирдиң соңғы жылында Кегейли районының Абат аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Өмир кенегес» аўылында дүньяға келген Улдәўлет әдебият ҳәм көркем өнерге оғада қызығып өсти. Буған әлбетте, ол туўылып, камалға келген шаңарақтағы орталық себепши болса, керек.
– Әкем Аңсат Жуматов пенен анам Қалбийке Узақбергеновалар да мәденият тараўы хызметкерлери, – дейди Улдәўлет оннан шаңарағы туўралы сорағанымызда. – Екеўи де Нөкис қаласындағы бурынғы Қ. Айымбетов атындағы мәденият ҳәм ағартыў техникумында билим алған. Анам ҳәзир Кегейли районындағы мәденият бөлиминде жумыс ислейди. Өзиниң пидайы хызметиниң арқасында «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағын алыўға миясар болған. Еки қыз апам Миясар ҳәм Дилбар да бақсы. Олардың үлкени Нөкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектебинде, оннан тетеси Кегейли районындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде муғаллим болып ислейди. Мине усы орталықтың тәсири шығар, мен де кишкенелигимнен ала мойнақ дуўтар шертип, мектеплерде өткерилетуғын ҳәр қыйлы байрамларда қосық айта басладым. Сол жыллары районда мектеп оқыўшылары арасында өткерилетуғын ҳәр қыйлы таңлаўларға қатнасып, сыйлы орынларды ийелеўге миясар болдым. Бул болса, мениң және де көркем өнерге деген қызығыўшылығымды арттырып, алға қарай умтылдыра баслады.
Ҳақыйқатында да, Улдәўлеттеги тәбийғый талант ҳәм қызығыўшылық оны жаңа мақсетлерге қарай жетелей баслады ҳәм орта мектепти тамамлағаннан соң Нөкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектебине ҳүжжет тапсырды. Мектеп имтиханларынан сүрникпей өткен ол, бул жерде миллий бақсышылық өнери бойынша Өзбекстан халық бақсысы Ғайратдин Өтемуратов қолында, бақсышылық өнериниң әлўан түрли сырларын үйренди. Халқымыздың сүйикли дәстанлары болған «Ғәрип-Ашық, «Саятхан-Ҳәмра», «Қырмандәли» ҳәм «Дәўлетиярбек»ти ядлап, үлкен сахналарда атқара баслады.

– Шәкиртим Улдәўлет Сәрсенбаевадан үмитим көп, – дейди оның устазы Өзбекстан халық бақсысы Ғайратдин Өтемуратов. – Оның Қоңырат районында өткерилген кешеде «Дәўлетиярбек» дәстанын толық ядлап айтқанына бәрекәлла дедим. Шәкиртимниң буннан да басқа дәстанларды толық атқарып шығып, халқымыздың сый-ҳүрметине ылайық болыўына тилеклеспен.
Шынында да Улдәўлет оғада мийнеткеш ҳәм излениўшең дөретиўши. Ол бәрқулла өз үстинде изленип, мийнет етеди. Жас бақсының ислеп атырған дөретиўшилик ислери бәрҳама халық нәзеринде. Атап айтқанда, Улдәўлет Сәрсенбаева 2023-жылы жаслар арасында өткерилген «Янги Ўзбекистон юлдузлари» таңлаўында «Жылдың ең жақсы жас бақсысы» номинациясын жеңип алған болса, 2025-жылы «Бўзатов FEST» жаслар фестивалында бақсышылық бағдары бойынша биринши орын ийесине айланды ҳәм усы жылдың 30-июнь сәнесинде Жаслар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Сондай-ақ, ол усы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын табыслы тамамлаўға еристи.
Улыўма айтқанда, быйыл Улдәўлет Сәрсенбаева ушын оғада әўметли келди, десек болады. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлердиң бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы Пәрманы тийкарында, «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланыўы, оған өзгеше қуўаныш ҳәм күш-жигер бағышлады.

– Мениң азы-кем ислеген хызметимиди инабатқа алып, мәмлекетимиздиң ең жоқары сыйлықларының бири менен сыйлықлаўы мени шексиз шадлыққа бөледи,-дейди Улдәўлет. – Бизге көрсеткен жоқары ҳүрмети ушын ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевқа үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары өзиме билдирилген бул исенимди толық ақлап, шәкиртлеримди ана-Ўатанымызды сүйетуғын терең билимге ийе инсанлар етип тәрбиялаўға барлық күш-жигеримди жумсайман.
Бизлер сөз еткен Улдәўлет Сәрсенбаева бүгинги күни өмирлик жолдасы Ахмет Бердахов пенен биргеликте, Әбдиқәдир ҳәм Әбдирахман атлы перзентлерди тәрбиялап камалға келтирмекте. 20-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби болса, оның екинши үйине айланған.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы