Магистратураға оқыўға кирген ҳаял-қызлар бир ставкада ислеўи мүмкин бе?

108

Ҳуқықый қатнас

Бизге белгили, нызамшылық ҳүжжетлерине бола магистратурада оқып атырған студентлер ушын жумыс ислеўде ҳеш қандай қадаған етиў ямаса тосқынлықлар жоқ. Бирақ бул жағдайда айырым нормалар бар.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Камола Ғаффорова бул бойынша төмендегише түсиник берди:

– Мийнет кодексиниң 118-статьясына бола, Өзбекстан Республикасы пуқараларында жумыс ислеўге болған уқыплылық 16 жастан басланады.

Мийнет кодексиниң 383-статьясының мазмунына бола болса жумыс бериўшилер жумыс ҳәм оқыўды бирге алып барып атырған хызметкерлер ушын зәрүр шараятларды жаратыўы керек.

Мийнет кодексиниң 182-статьясына бола ҳәптесине 40 саат ислеген бир ставка болып есапланады.

Мийнет кодексиниң 183-184-статьяларында жумыс ўақтының қысқартылған даўамлылығы белгиленген болып, оған муўапық егер хызметкер 1- ямаса 2-топар майыбы болса ямаса оның жумысы жоқары дәрежедеги ақылый ҳәм нервлик зорығыўға алып келсе де жумыс ўақтын 40 саат емес 36 саатқа қысқартыўға ҳақылы.

Сондай-ақ, бул нормалардың мазмунына бола, хызметкердиң жумыс ўақтының даўамлылығы оның жағдайы ҳәм шараятынан келип шығып қысқартылыўы мүмкин. Мысалы, егер оқыў ўақты ҳәм жумыс ўақты бир ўақытқа туўры келип қалса, хызметкер жумыс ўақтының қысқартылған даўамлылығы тийкарында ислеўи мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, егер басшы оқыў ҳәм жумысты бирге алып барыўыңызға келисим берсе ҳәм буның ушын шараят жаратып берсе, оқыў ҳәм 1 ставкалы жумысты бирге алып барыў мүмкин. Нызам ҳүжжетлеринде буның ушын ҳеш қандай қадаған жоқ. Буған Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 118, 182, 183, 184 ҳәм 383-статьялары тийкар бола алады.

Гулноза Бобоева, ӨзА