Өзбекстанда неше ҳайўанат бағы бар, оларда қанша ҳайўан сақланады?

136

2025-жылдың 1-январь жағдайына бола, Өзбекстанда 7 ҳайўанат бағы жумыс алып бармақта. Бул ҳаққында Миллий статистика комитети мағлыўмат берди.

Усы күнге шекем, бул орынның саны үшеўди қураған еди. Ҳәзирги ўақытта бар болған ҳайўанат бағларына ажыратылған жердиң улыўма майданы 49,2 гектарды қурайды.

Ҳәзирги ўақытта ҳайўанат бағларында 720 түрдеги жәми 19 332 ҳайўан сақланбақта. Балықлар 9 600, қуслар 2 383, сүт емизиўшилер 611, жер баўырлаўшылар 453, суўда ҳәм қурғақлықта жасаўшылар 63 ҳәм басқа ҳайўанлардың саны 6 222 ни қурайды.

Г.Бобоева, ӨзА