Қусшылық – турақлы дәрамат дәреги

Бүгин елимизде аўыл хожалығының ең дәраматлы ҳәм перспективалы бағдарларынан бири сыпатында қусшылық барған сайын кеңнен раўажланбақта. Әсиресе, мәҳәллелерде ҳаял-қызлар белсендилериниң басламасы нәтийжесинде бул тараў тек ғана шаңарақ дәраматын арттырыў емес, ал социаллық бәнтликти тәмийинлеўдиң де нәтийжели қуралына айланбақта.
Республикамыздың басқа орынлары қатарында Әмиўдәрья районында да қусшылықты раўажландырыў бағдарында ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Райондағы «Ақ алтын» аўыл пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси Моҳира Якубова басламасы менен өзине тән ийгиликли әмелиятқа тийкар салынды. Ол миграциядан қайтқан 3 ҳаял-қызға қусшылықты жолға қойыўда жақыннан жәрдем берип, оларға басланғыш шараятлар жаратып берди. Нәтийжеде, бул ҳаял-қызлар шаңарағы менен биргеликте жаңа дәрамат дәрегине ийе болыў менен бир қатарда, өз мийнети арқалы еркин турмыс жолын таңлаў имканиятына еристи.
Бул тек ғана экономикалық жақтан емес, ал социаллық жақтан да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, миграциядан қайтқан ҳаял-қызлардың үйде бәнтлиги тәмийинлениўи, шаңарақлық орталықтың турақлылығы ҳәм мәҳәлле турмысында белсене қатнасыўы жәмийетимизде турақлылық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги