Орайлық Азия парламентлери регионды раўажландырыў бойынша басламаларды алға қойды

Орайлық Азия мәмлекетлериниң III парламентлераралық форумы “Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери: регионды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша нәтийжели шешимлер” темасына бағышланды.
Бишкекте болып өткен форумда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан парламентлериниң басшылары ҳәм делегациялары қатнасты.
Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоева форумда мәмлекетлеримиз арасында қәлиплесип атырған өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылық орталығы тек ғана экономикалық бирге ислесиў емес, ал мәдений-гуманитарлық байланысларға да күшли түртки берип атырғанын айрықша атап өтти.
Форумда саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жаслардың бәнтлиги ҳәм миграция мәселелери, сондай-ақ, санлы қәўипсизлик ҳәм регионаллық стандартларды ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар додаланды.
***
Форум шеңберинде Сенат Баслығы Танзила Норбоева Қырғызстан Жогорку Кенеши Торағасы Нурланбек Шакиев, Тәжикстан Мажлиси милли Мажлиси Оли Раиси Рустами Эмомали менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди.
Ушырасыўларда мәмлекетлер арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўде парламентлик қадағалаў институтының рольин күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
***
Форум шеңберинде миграция, мийнет ағымы, экономикалық турақлылық ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў мәселелерине бағышланған темаға байланыслы сессия болып өтти.
Онда миграция регионның раўажланыўына сезилерли тәсир көрсетип атырған тәбийғый социаллық-экономикалық ҳәдийсе екени атап өтилди. Миграцияны әдил ҳәм қәўипсиз басқарыў ушын беккем нызамшылық базасы, нәтийжели институтлар зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сессия шеңберинде регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша миграция нызамшылығын үйлестириў, халықаралық конвенцияларды ратификациялаў ҳәм имплементациялаў, кадрлар таярлаў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм қәўипсиз мийнет миграциясы механизмлерин жаратыў сыяқлы басламалар алға қойылды.
Форум шеңберинде инвестиция орталығын жақсылаў, экономиканың ашық-айдынлығын арттырыў бойынша нызамшылық, сондай-ақ, санлы системаларға бағышланған сессиялар да болып өтти. Онда жеке меншик секторды раўажландырыў, инвестициялар үстинен парламентлик қадағалаў, сондай-ақ, киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жеке мағлыўматларды қорғаў мәселелери додаланды.
Н.Абдураимова,
ӨзА