Өзбекстан Президенти дүнья мәмлекетлерин өз-ара аўызбиршилик, ашық сөйлесиў ҳәм тығыз шерикликке шақырды

121

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-сентябрь күни Нью-Йорк қаласындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бас резиденциясында өз жумысын баслаған БМШ Бас Ассамблеясының  80-юбилей сессиясы улыўма сиясий сөйлесиўлеринде шығып сөйледи.

Сессия баслығы Анналена Бербок басшылығында өткерилип атырған сөйлесиўлердиң биринши күнинде БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, ағза мәмлекетлердиң жетекшилери – Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп, Бразилия Федератив Республикасы Президенти Луис Инасиу Да Силва, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Қубла Африка Республикасы Президенти Сирил Рамафоса, Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён, Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон  ҳәм басқа мәмлекетлердиң басшылары қатнаспақта.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң алдында қатнасыўшыларды БМШ Бас Ассамблеясының юбилей әнжуманы – 80-сессиясы менен қызғын қутлықлады. Бул мәжилис жеделлик пенен өзгерип атырған қыйын глобаллық жағдайда өтип атырғаны, бул болса Шөлкемниң жумысына ҳәм оның келешегине жаңаша көзқараслар менен қараўға шақырып атырғанын атап өтти.

– Ҳәзирги күнде дүньяда халықаралық институтлардың орны ҳәм роли төменлемекте, қарама-қарсылық, келиспеўшилик ҳәм урыслар күшеймекте, технологиялық ҳәм социаллық теңсизлик кескин артпақта, экономикалық ҳәм гуманитарлық кризислер артып бармақта. Булардың ҳәммеси пүткиллей жаңа, қәўетерли геосиясий ўақыяны жүзеге келтирмекте, – деди Өзбекстан басшысы.

Президентимиз Бас хаткер Антониу Гутерриштиң ең аўыр ҳәм өткир глобаллық мәселелерди келисим менен шешиў ушын БМШты тийкарғы платформа сыпатында сақлап қалыўға қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалады. “БМШ – 80” басламаларын толық қоллап-қуўатлады, мәмлекетимиз Келешек ушын пактке қатаң садықлығын тастыйықлады.

Өзбекстан жетекшиси заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў, раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин қорғаў мақсетинде БМШ Қәўипсизлик Кеңесин трансформациялаў ҳәм оның қурамын кеңейтиўге шақырды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстандағы Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес ҳалда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформалар процесине толық тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық Жаңа Өзбекстанды қурыў сиясаты алып барылмақта.

– Тийкарғы мақсетимиз – елимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир пуқараның турмысын түп-тийкарынан өзгертиў, инсан қәдирин ҳәм абаданлығын арттырыў болып есапланады, – деди Президент.

Соңғы жылларда Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға ерисилгени атап өтилди. Буның тийкарғы себеби, бәринен бурын, билимлендириў ҳәм илим тараўының өзгертилип атырғаны, инновациялық тармақлар ҳәм технологиялық санаат кәрханаларының қурылып атырғаны, “жасыл” энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасының модернизацияланып атырғаны, киши бизнестиң ҳәр тәреплеме раўажландырылып атырғаны ҳәм нәтийжеде миллионлаған жумыс орынларының жаратылып атырғаны болып табылады.

Мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артты, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў болса 9 проценттен 42 процентке жетти. Муғаллим ҳәм устазлық кәсибиниң абырайы ҳәм дәрежесин кескин арттырыўға шешиўши мәселе сыпатында қаралмақта.

Педагоглардың өз-ара тәжирийбе ҳәм билим алмасыўы ушын бирден-бир халықаралық платформаны жаратыў мақсетинде Өзбекстанда Пүткил жер жүзилик профессионал билимлендириў саммитин өткериў усыныс етилди.

Алдыңғы денсаўлықты сақлаў системасын жаратыў ҳаққында сөз етип, мәмлекетимиз жетекшиси БМШ бас резиденциясында Өзбекстанның басламасы менен балалар рак кеселлиги ҳәм басқа да аўыр кеселликлерге қарсы гүресиўге бағышланған жоқары дәрежедеги илаж өткерилетуғынын айтты.

Гендер сиясатына тоқтап, мәмлекетимиз басшысы елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысы ҳәм исбилерменлик тараўында ҳаял-қызлардың роли буннан былай да беккемленетуғынын атап өтти. Усы мәниде, кең регионымыз көлеминде Азия ҳаял-қызлар форумын турақлы платформаға айландырып, турақлы өткерип барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге исенимли умтылатуғынын тастыйықлап, Президент Өзбекстан 2030-жылға барып “дәраматы орташадан жоқары” болған мәмлекетлер қатарына кириўди өз алдына мақсет етип қойғанын атап өтти.

Өзбекстанның сыртқы сиясатындағы тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратылды. Президентимиз былай деди: “Буннан 8 жыл бурын биз усы жоқары минберден турып, Орайлық Азияны тынышлық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик мәканына айландырыўға қатаң қарар еткенимизди жәриялаған едик. Бүгин терең қанаатланыўшылық пенен атап өтиў мүмкин: биз бул стратегиялық мақсетке еристик. Жабық шегаралар, шешилмеген бәсеки ҳәм тартыслар дәўири тарийхта қалды.”

Кейинги жыллары регионымызда өз-ара саўда, инвестициялар ҳәм транспорт тасыўларының көлеми бес есеге шекем көбейгенлиги атап өтилди. Биргеликтеги инвестициялық қорлар, шегара аймақларында саўда ҳәм санаат зоналары шөлкемлестирилмекте, ири инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары регионаллық интеграцияны тереңлестириў жолында нәтийжели механизмге айланды.

– Соны беккем исеним менен айтыўым мүмкин, бүгинги күнде Жаңа Орайлық Азияны қәлиплестириў процеси басланды. Регионымыз өзиниң аўызбиршилиги, турақлылығы, өзине тәнлиги менен халықаралық қатнасықлар системасында айрықша субъект сыпатында барған сайын беккем орын ийелемекте, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы БМШ структуралары менен регионда бир қатар жаңа жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўды, соның ишинде, ЭКОСОС ҳәм ЮНКТАД қәўендерлигинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық раўажланыў мәселелерине бағышланған халықаралық форумды өткериў, ЮНИДО менен санаатта “жасыл” технологиялар регионаллық хабын шөлкемлестириў, регионымызда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, “жасыл” мәкан жаратыў ҳәм демографиялық турақлылыққа ерисиў бойынша бағдарламаларды қабыл етиўди усыныс етти.

Буннан тысқары, Бас Ассамблеяның Орайлық Азия мәмлекетлериниң регионаллық шериклик ҳәм экономикалық интеграцияны тереңлестириўге қаратылған ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы резолюциясын қабыл етиў басламасы алға қойылды.

Глобал ҳәм регионаллық қәўипсизлик бойынша пикир жүргизип, Өзбекстан Президенти Аўғанстандағы жағдайға тоқтап өтти. Аўған халқының тыныш ҳәм татыў турмысқа болған умтылысын қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң ҳәрекетлерин бирлестириўге шақырып, бул мәмлекеттиң жеккеленип қалыўына жол қоймаў оғада әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.

Өзбекстан бул мәмлекетте үлкен экономикалық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў нийетинде екени атап өтилди.

Президентимиз Аўғанстан арқалы халықаралық транспорт ҳәм энергетика коридорларын раўажландырыў бойынша БМШтың айрықша резолюциясын қабыл етиўди усыныс етти.

Газа секторындағы барған сайын төменлеп атырған гуманитарлық кризиске тоқтап, Президентимиз әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм сиясий сөйлесиўлерди даўам еттириўге шақырды.

– Биз БМШ резолюцияларына муўапық, «еки халық ушын – еки мәмлекет» принципин әмелге асырыўдың исенимли тәрепдарымыз, – деди ол жоқары  минберден турып.

Украина әтирапындағы жағдай да ҳәммемизди әҳмийетли тәшўишке салып атырғанын атап өтип, Президентимиз бул машқаланы дипломатиялық жоллар  менен шешиў бойынша жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланғанын  қоллап-қуўатлады.

Қәўипсизлик темасы даўамында мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияда Глобал антитеррор стратегиясын орынлаў бойынша нәтийжели жумысларды атап өтти. БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы менен биргеликте дүзилген Реабилитация ҳәм қайта интеграция мәселелери бойынша Регионаллық Кеңести Халықаралық компетенцияла орайына айландырыў усыныс етилди. Орай  машқалалы аймақлардан  қайтарылған шахсларды тыныш турмысқа бейимлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.

Президентимиз Терроризмге  қарсы гүресиў басқармасының регионаллық офисин Өзбекстанда ашыў ушын зәрүр шараят жаратыўға таяр екенлигин билдирди.

Мәмлекетимиз жетекшиси бүгинги  қәўип-қәтерлерге толы дүньяда глобал транспорт системасының әззилиги теңизге шығыў имканияты болмаған  раўажланып атырған мәмлекетлердиң  турақлылығына  унамсыз тәсир көрсетип атырғанын көрсетип өтти.

Халықаралық транзит коридорларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм нәтийжели логистика шынжырларын жаратыў мақсетинде “Турақлы раўажланыў мақсетлери ушын өз-ара транспорт байланыслылығын беккемлеў” глобал механизмин енгизиўге шақырды.

Өзбекстан Президенти күн сайын кескин түс алып атырған климат өзгериўи машқалаларына да айрықша тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлери дүнья жәмийетшилигиниң турақлы дыққат орайында болыўы керек.

– Биз Аралбойы экосистемасын қайта тиклеў бойынша жумысларды избе-из даўам еттирип атырмыз. Соңғы жыллары теңиздиң қурыған түбинде 2 миллион гектар майданда шорға шыдамлы шөл өсимликлери егилди. 2030-жылға шекем бул аймақтың 80 процент бөлегинде жасыл қапламалар жаратылады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Суў ресурсларының жетиспеўшилиги машқаласына тоқтап өтип, Президентимиз Өзбекстанда Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумды өткериў режелестирилгенин атап өтти. Бул әнжуман жуўмақлары бойынша суў кризисин турақлы раўажланыў ушын үлкен қәўип сыпатында белгилеў ҳәм бул бағдарда глобал дәрежеде инновациялық технологияларды енгизиў ушын өз алдына “жол картасы”н қабыл етиў мөлшерленбекте.

Экологиялық өзгерислердиң және бир унамсыз көриниси – климат миграциясының күшейип баратырғаны болып есапланады. Президентимиз бул бағдарда анық халықаралық механизмлер ҳәм ҳуқықый база елеге шекем жаратылмағанын атап өтти. Усы мүнәсибет пенен бул әҳмийетли мәселеде кең халықаралық шериклик ҳәм муўапықластырылған сиясат жүргизиў бойынша Глобал пактти қабыл етиўге шақырды.

Ҳәммениң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында сөз етилип, мәмлекетлер арасында санлы раўажланыў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўда теңсизликтиң алдын алыў оғада әҳмийетли екенине итибар қаратты. Усы мәниде, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында жасалма интеллекттиң әмелий шешимлери ҳәм модельлерин бийғәрез алмасыўға қаратылған Халықаралық бирге ислесиў механизмин жаратыў усыныс етилди.

– Және бир әҳмийетли мәселеге айрықша тоқтап өтпекшимен. Ертеңги күнимиз, дүньяның тәғдири ҳәм абаданлығы өсип киятырған жас әўладтың қолында. Жасларымыздың қәлби ҳәм санасына тынышлық, гуманизм ҳәм дослық, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет сыяқлы ийгиликли идеяларды сиңдириў әҳмийетли ўазыйпамыз болып есапланады, – деди Президентимиз.

Усы мүнәсибет пенен Дүнья жасларының тынышлыққа қарай ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳәм оның резиденциясын Өзбекстанда жайластырыў усынысы алға қойылды.

Президентимиздиң атап өткениндей, Өзбекстан жәмийетте кеңпейиллик сиясатын избе-из әмелге асырар екен, ислам ағартыўшылығы идеяларын терең үйрениў ҳәм дүньяға үгит-нәсиятлаў бойынша ҳәрекетлерин жедел даўам еттиреди. Жақын айларда регион ушын бийбаҳа болған ушырасатуғын Ислам цивилизациясы орайы ашылады. Уллы бабаларымыз – ойшыл уламалар Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридийдиң бай руўхый ҳәм илимий мийрасының айрықша презентациясы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде өткериледи.

Шавкат Мирзиёев сөзиниң жуўмағында Жаңа Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен өз-ара аўызбиршилик, ашық сөйлесиў ҳәм тығыз шериклик тәрепдары екенин, халықлар, мәдениятлар ҳәм цивилизациялар арасындағы қарым-қатнасты беккемлеў, улыўма инсаныйлық мақсетлерди әмелге асырыў жолында өз үлесин қосыўға бәрқулла таяр екенин атап өтти.

 

ӨзА