Өзбекстан ҳәм Россия Жоқары судлары баслықлары бирге ислесиўди беккемлеў ҳаққында пикир алысты

95

Азия-Тыныш океаны регионы мәмлекетлериниң он үшинши Халықаралық юридикалық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы Бахтиёр Исломов Россия Федерациясы Жоқарғы суды баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Юрий Иваненко менен ушырасты.

Еки мәмлекет жоқары суд уйымларының өз-ара қатнасықларын беккемлеўге қаратылған сөйлесиў даўамында Өзбекстан – Россия арасында дослық ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарда еки мәмлекет суд ҳәкимияты уйымларының өз-ара бирге ислесиўин жетилистириў айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Б.Исломов “Жаңа Өзбекстан – жаңа суд” принципи тийкарында әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформаларына тоқтап өтти.

Суд-ҳуқық системасына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер базасын жетилистириў, сырт ел инвесторларының ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың нәтийжели механизми, судларды қаржыландырыў системасы, судьяларды таңлаў ҳәм тайынлаў тәртиби жетилискени атап өтилди.

Тергеў судьялары институты ҳәм судлардың жумысын санластырыў ҳәм оған заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылған кең көлемли жумыслар нәтийже берип атырғаны атап өтилди.

Ю.Иваненко Өзбекстанда әмелге асырылған суд-ҳуқық реформалары ҳаққында өзиниң унамлы пикирлерин билдирди.

Сөйлесиў конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

Н.Абдураимова, ӨзА