Параспортшылар голбол бойынша беллести

94

Нөкис қаласындағы 10-санлы «Нурлы мәкан» көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатында балалар ҳәм үлкен жастағылар арасында спорттың голбол түринен Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.

Илажда сөзге шыққанлар елимизде майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға итибар қаратты. Олар зәрүрли билим ҳәм кәсип-өнерди ийелеўи, денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылғанын атап өтти.

Беллесиўде республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген көзи әззи ҳәм шала көриўши параспортшылар қатнасты. Қызықлы өткен беллесиў жуўмағында «Ересеклер» командасы биринши, «Универ» командасы екинши, «Нурлы мәкан» командасы үшинши орынды ийеледи.

-Илаж Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги, Өзбекстан адаптив спорт түрлери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилди, -дейди голбол спорт түри бойынша аға тренер Барзу Килибаев. – Мақсет республикамыздың барлық қала ҳәм районларында жасаўшы майыплығы болған шахсларды адаптив спортқа қамтып алыў арқалы физикалық реабилитациялаў болып табылады.

Жарыс жуўмағында барлық спортшылар қәўендерлер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Мағлыўмат: Голбол – бул көриў қәбилети төмен болған спортшылар ушын арналған командалық спорт түри. Қатнасыўшылар үш адамлық командаларда беллеседи ҳәм ишине қоңыраўлар салынған топты қарсылас команданың дәрўазасына түсириўге ҳәрекет етеди. Топ тек ғана қол менен тасланады. Паралимпия спорт түрине киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги