Билимлендириўдиң сапасын ҳәм мазмунын арттырыў бойынша илажлар додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде “Беруний районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасы ҳәм мазмунын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкимети қарары жойбарын додалаў бойынша жумысшы топар мәжилиси болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева, министрдиң биринши орынбасары А.Даулетбаев, Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары Д.Каримов, Педагогикалық шеберлик орайы директорының орынбасары Б.Изтлеуов, Беруний районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы А.Курбаниязов ҳәм басқа да жуўапкер тараў ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис даўамында Беруний районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, сабақ процесслерин заманагөй методикалар тийкарында шөлкемлестириў, педагог кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оқыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сондай-ақ, бар машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары бойынша усыныслар алға қойылды. Қарар жойбары тийкарында әмелге асырылатуғын илажлар аймақлық мектеплерде билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги