Мақсет-пуқараларға қолайлық жаратыў

151

Бүгинги күни елимизде суд-ҳуқық системасында ашықлықты тәмийинлеў, пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде, аймақларда көшпели суд мәжилислери өткерилмекте. Усындай илажлардан бири Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы Гулистан Бисенованың басшылығында өткерилди.

Районлық ишки ислер бөлими имаратында болып өткен суд мәжилисинде Нөкис районы Ишки ислер бөлими жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Пробация есабында турған 3 шахсқа районлық ИИБ баслығы тәрепинен киргизилген усыныс-хатлары көрип шығылды.

Суд додалаўы даўамында барлық ҳүжжетлер ҳәм шахслардың минез-қулқы ҳәр тәреплеме үйренилип, жуўмағында усыныс- хатлары  қанаатландырылып, нәтийжеде 3 пуқара жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Бул болса, олардың жәмийетке қайта бейимлесиўи ушын үлкен имканият жаратады.

Суд мәжилисиниң жуўмағында судья қатнасыўшылар менен сөйлесип, бүгинги күнде әҳмийетли болып турған мәселелерге айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, шаңарақлық (турмыслық) зорлық, жынысый күш көрсетиў сыяқлы иллетлер жәмийеттиң саламат руўхый орталығына зыян жеткериўи мүмкин екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, бул жынаятлар ҳәм ҳуқықбузарлықлар ушын жазалар белгиленгенлиги тайын екенлиги айрықша атап өтилди.

– Ҳәр қандай жынаятқа жаза тайын. Әсиресе, шаңарақлық зорлық ҳәм жынысый күш көрсетиў жәмийетимизде кескин қаралатуғын ҳәдийселер болып есапланады. Соның ушын бундай иллетлердиң алдын алыўда тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары емес, ал пүткил жәмийет жуўапкершиликли болыўы зәрүр, – деди жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы Гулистан Бисенова.

Көшпели суд мәжилиси – бул тек ғана белгили бир ислерди көрип шығыў процеси емес, ал халыққа ҳуқықый мәдениятты сиңдириў, оларды нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ушын да қолайлы майдан есапланады. Сонлықтан, бундай ушырасыўлар пуқараларды ҳуқықый сана-сезим ҳәм саўатлылыққа шақырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги