Қанша майданда суўды үнемлеўши технологиялар енгизилген?

Суў жетиспеўшилиги артып баратырған ҳәзирги ўақытта суў резервлеринен үнемли пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланыўды кеңейтиў әҳмийетли мәселеге айланған.
Республикада суўғарылатуғын жер майданы 4,3 млн. гектарды қурап, суў ресурсларының орташа 90 проценти аўыл хожалығында, қалған 10 проценти болса коммуналлық-турмыслық, санаат ҳәм экономиканың басқа тармақларында пайдаланылмақта.

Бүгинги күнде жәми 2,6 млн. гектар майданда суўды үнемлеўши технологиялар енгизилген. 2025-жылы 101 мың гектарда тамшылатып, 29 мың гектарда жаўынлатып ҳәм 13,6 мың гектарда дискрет суўғарыў жолға қойылған ҳәм 444 мың гектар майданда лазерли тегислеў жумыслары алып барылған. Нәтийжеде 2 млрд. куб метр суўды үнемлеўге ерисилген.

Усы жылы пахта майданларында тамшылатып ҳәм дискрет суўғарыў технологиясын енгизген аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 189,8 млрд. сум субсидия қаржылары ажыратылған.
Бул ҳаққында парламент төменги палатасының бүгинги мәжилисинде айтып өтилди. Онда суў хожалығы министри Ш.Ҳамраевқа жиберилген суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын суўғарыў усылларын ҳәм технологияларын енгизиў және магистраль ҳәм ишки каналларды бетонластырыў жумысларының барысы ҳаққындағы парламентлик сораўға келген жуўап көрип шығылды.
Министр жуўабында келтирилиўинше, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологиясы үскенелерин ислеп шығарыўды локализациялаўға да үлкен итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде жергиликли өндирис кәрханаларының саны 60ты қурап, локализациялаў дәрежеси 80 процентке, жыллық өндирис қуўатлылығы болса 250-300 мың гектарға жеткерилген. Бул болса комплектлеўши бөлеклердиң өзине түсер баҳасын сырт елден тасыў қәрежетлерин үнемлеў есабынан 15-20 процентке шекем азайтыў ямаса гектарына 5-7 млн. сумға арзанлатыў, импорттың орнын басатуғын сапалы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм ишки базар толық тәмийинленип, қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиў имканиятын бермекте.
Нызамшылыққа бола, суўды үнемлеўши технологиялар енгизилген майданлар ушын суў салығынан 30 процент жеӊиллик қолланылыўы, бул жер майданлары 5 жыл мүддетке жер салығынан азат етилиўи дийқан ҳәм фермерлерге түсиндирилмекте.
Парламент сораўына жуўапта мәмлекетимиздеги 173,5 мыӊ км. суўғарыў тармақлары системасында алып барылып атырған жумысларға да тоқталып өтилген. Мәлим етилгениндей, 2025-жылы мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 95 жойбар шеӊберинде 518,7 км. каналлар бетонластырылған, 25,3 км. лоток орнатылған, 49,1 км.жабық суўғарыў тармақлары қурылған ҳәм реконструкцияланған. Кластер ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен де 18 мыӊ км. ишки суўғарыў тармақлары бетонластырылған.
Министр жуўабында суўды үнемлеў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар жағдайы толық билдирилгени айтылып, парламент сораўына жуўап мағлыўмат ушын қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА