Той ҳәм мәресимлер өткерилиўи қатаң қадағалаўға алынады

118

Өзбекстанда той-мәресим сыяқлы дәтүрлер тарийхтан жәмийеттиң әҳмийетли мәдений бөлеги сипатында қәлиплескен. Бирақ, соңғы жыллары бул мәресимлер көп жағдайларда артықша ҳәм ҳәттеки экономикалық жақтан аўыр жүкке айланған. Ҳүкиметтиң соңғы қарары мине усы машқаланы сапластырыўға қаратылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-сентябрьдеги 589-санлы қарарына муўапық, “Ақылға уғрас тутыныў” (Save Food) бағдарламасы шеңберинде тойлар, мәресимлер ҳәм шаңарақлық илажлар белгиленген тәртип тийкарында қадағалаўға алынады.

Ҳүкимет қарары менен артықша қәрежет талап ететуғын үрп-әдетлер, соның ишинде, “күйеў нөкери”, “ата көрди”, “сеп жайды” ҳәм матам мәресимлериндеги “жети”, “пийшемби”, “екшемби”, “жигирма”, “қырқы”, “жыл асы”, “ақша тарқатыў”, “гезлеме үлестириў” сыяқлы мәресимлерди өткериў қадаған етилди.

Сондай-ақ, той, мереке ҳәм шаңарақлық мәресимлер белгиленген шеклеўлер тийкарында өткериледи:

– шаңарақлық илажлар – 200 ге шекем;

– ас мәресими – 250 ге шекем;

– қос тойлар – 250 ге шекем;

– қос той аслары – 300 ге шекем.

Ҳүкимет бул қарар арқалы жәмийеттеги артықша үрп-әдетлердиң алдын алыў, шаңарақларды қарыздарлық ҳәм “өзин халыққа көрсетиў” басымынан қутқарыўды мақсет еткен. Көпшилик жағдайларда ата-аналар ҳәм жас шаңарақлар миллионлаған қаржыны той ҳәм мерекелерге жумсап, кейинги жылларда қарызларын төлеў менен әўере болып қалмақта.

Ҳүкимет қарары дәстүрлерге қарсы емес, ал артықша қәрежет, ысырапгершилик ҳәм социаллық теңсизликке қарсы гүресиўге қаратылған. Бул шеклеўлер арқалы мәмлекет халықты финанслық жүктен қорғаў, мәресимлердиң мазмуны ҳәм мақсетин сақлаған ҳалда оның сапасын жақсылаўды гөзлемекте. Бул қарар жәмийетте аўыр ҳәм узақ жыллық, керексиз үрп-әдетлерди сапластырыўға қойылған әҳмийетли қәдемлерден бири.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА