Азия-Тыныш океаны мәмлекетлериниң XIII Халықаралық юридикалық форумы өткерилди

97

Санкт-Петербург қаласында Азия-Тыныш океаны регионы мәмлекетлериниң XIII Халықаралық юридикалық форумы шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы Бахтиёр Исломов басшылығындағы делегация қатнасты.

Әнжуманда салыққа байланыслы ҳуқықый қатнасықларда халықаралық экономикалық жумыс қатнасыўшыларының суд қорғаўы ҳәм судлар тәрепинен бажыхана келиспеўшиликлерин көриўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Делегатлар судлар тәрепинен бәсекини қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты қолланыўдың миллий тәжирийбелери менен ортақласты. Санаат мүлки тараўында суд әмелиятын үйлестириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Әнжуман қатнасыўшылары Өзбекстан судларында монополияға қарсы нызамшылықты қолланыў тәжирийбеси ҳәм товар ҳәм хызмет көрсетиў белгилерине байланыслы ҳуқықлардың суд қорғаў әмелияты менен таныстырылды.

Н.Абдураимова,

ӨзА