Нью-Йоркта БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясы басланды

АҚШ Нью-Йорк қаласындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резиденциясында Бас Ассамблеяның юбилей – сексенинши сессиясы жумыс баслады. Дәслеп әнжуман шеңбериндеги дәслепки әҳмийетли илаж – Инсан ҳуқықлары бойынша кеңестиң Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған арнаўлы мәжилис болып өтти.
Бизге белгили, 1995-жыл 15-сентябрь күни өткерилген Ҳаял-қызлардың жағдайы бойынша Төртинши Пүткил жер жүзилик конференциясында Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасы қабыл етилген. 2015-жыл 25-сентябрьде болса Бас Ассамблея тийисли резолюцияны қабыл етип, 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў тараўындағы күн тәртибин белгилеп берди.

Бул халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерде мәмлекетлердиң ҳаял-қызлар инсан ҳуқықынан толық ҳәм теңдей пайдаланыўын тәмийинлеў, қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў бағдарындағы миннетлемеси беккемленген.
80-сессия Президенти германиялы Анналена Бербок дүнья ҳаял-қызларының ҳуқықын қорғаўға қаратылған халықаралық басламалар ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти.
Бас хаткер Антониу Гутерриш шығып сөйлеп, Пекин декларациясының глобаллық әҳмийетине айрықша итибар берди:

– Отыз жыл алдын дүнья жәмийетшилиги ҳаял-қызлар ҳуқықы екинши дәрежели ямаса саўдаласыў объекти емес, ал инсан ҳуқықының ажыралмас бөлеги екенин тастыйықлаған еди. Усы көзқарастан Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасы – ҳаял-қызлардың ҳуқықын тәмийинлеў бойынша кең көлемли ҳәм жоқары глобаллық сиясий миннетлеме.
Кейинги отыз жыл даўамында ҳуқықый қорғаў, сиясий қатнас, билимлендириў, аналардың саламатлығын сақлаў, ҳаял-қызларға болған зорлыққа қарсы гүресиў сыяқлы бағдарларда белгили бир жетискенликлерге ерисилген болса да, дүньяда еле бирде-бир мәмлекет толық гендер теңликке ерисе алмаған. Турақлы раўажланыў мақсетлериниң 5-си әйне гендер теңлик.
Заманагөй қәўип ҳәм жаңа ўазыйпалар
БМШ басшысы глобал келиспеўшиликлер, климат апатшылықлары ҳәм системалы мәдений тосқынлықлар ҳаял-қызлардың ҳуқықын шеклеп атырғаны, сондай-ақ, жасалма интеллект ҳәм санлы технология тараўында гендер теңсизлиги қәўпи күшейип баратырғанына итибар қаратты.
Гутерриш атап өткениндей, ҳаял-қызлардың илим, технология, инженерлик ҳәм математика тараўларында белсене қатнасыўы тийкарғы ўазыйпаға айланыўы зәрүр. Себеби, ҳаял-қызлардың қарар қабыл етиў процесинде қатнасыўы – оларға берилген имканият емес, ал тәбийғый ҳуқық болып есапланады.
Жаңа сиясий декларация ҳәм алдағы режелер
Ҳаял-қызлар статусы бойынша комиссия жыл басында Пекин декларациясын толық әмелге асырыў миннетлемеси белгиленген жаңа сиясий декларация қабыл етти. Усы мүнәсибет пенен Бас хаткер барлық мәмлекетлерди ҳаял-қызлар шөлкемлерин қоллап-қуўатлаў, олар усыныс еткен шешимлерди турмысқа енгизиў ҳәм усы процесске әмелий инвестиция киргизиўге шақырды. Бул, өз гезегинде, Пекин платформасының 30 бағдарын әмелге асырыў, социаллық-экономикалық имканиятты кеңейтиў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықын беккемлеўге хызмет етеди.

Дүнья жүзилик шөлкем басшысы жуўмақ сыпатында XXI әсирде тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыўдың әҳмийетли шәрти – ҳаял-қыз ҳәм ер адам ушын тең ҳуқық, имканият тәмийинлеў.
БМШ юбилей сессиясы шеңберинде өткен бул илаж Пекин декларациясында белгиленген мақсетлерди әмелге асырыў барлық мәмлекетлер алдындағы улыўма инсаныйлық жуўапкершилик болып қалатуғынын және бир мәрте дәлилледи.
Биринши сессияда бул тараўда итибарға ылайық жетискенликлерге ерисип атырған, жетерли тәжирийбе топлаған мәмлекетлердиң жетекши ҳаял-қызлары да баянат жасамақта.

Беҳруз Худойбердиев таярлады