Бозатаўдың ең үлгили ҳаял-қызлар белсендиси анықланды

Бозатаў районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен райондағы мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлар белсендилери арасында «Ең үлгили ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Таңлаўда қатнасыўшылар өз аймақларында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың кәсиплик билим алыўы, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў бағдарларында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша презентация ҳәм видеороликлер арқалы өз тәжирийбелери менен ортақласты.
Өткерилген таңлаў соңында ең белсенди ҳаял-қызлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланып, «Көк-суў» аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Гулнара Алимова таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги